«Ашық-айдын айтыўымыз керек, ҳәзирги ўақытта бюджет шөлкемлери ҳәмиледарлық напақасын толық төлеп берсе де, тилекке қарсы, жеке меншик секторда бул қәрежет себепли ҳаялларды рәсмий жумысқа алыўдан қашыў жағдайлары да ушырасады», – деп айтып өтти Президент Шавкат Мирзиёев бүгинги видеоселектор мәжилисинде.

Сонлықтан, 2022-жыл 1-сентябрьден жеке меншик секторда рәсмий тийкарда жумыс ислеп атырған ҳаялларға ҳәмиледарлық напақасын мәмлекет тәрепинен кепилликли төлеп беретуғын система жаратылады.

«Буннан былай оларға да 4 айға 2 миллион сум муғдарында бир мәртелик ҳәмиледарлық напақасы төлеп бериледи.

Бул мақсетлер ушын бюджеттен 2022-жылда 20 миллиард сум, 2023-жылда болса 1,7 триллион сум ажыратылады», – деди мәмлекет басшысы.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.