ХIХ әсир қарақалпақ әдебияты басқа дәўирлерге қарағанда өзгешеликлери менен ажыралып турады. Буның себеби, бул дәўир қарақалпақ әдебиятының өркенлеп өсиўи, жазба әдебияттың толық қәлиплесиўи менен баҳалы. Соның ушын да бул дәўирде әдебиятымызда көплеген дүрдана шығармалар дөреткен шайырлар өсип жетилисти.

Солардыӊ ишинде уллы лирик шайырымыздың бири Әжинияз Қосыбай улы болып табылады.

Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейинде қарақалпақ халқының классик шайыры Әжинияз Қосыбай улының дөретиўшилигине арналған «Бул дүньяның көрки – адам баласы» атамасындағы әдебий-сазлы кеше шөлкемлестирилди.

Кешени музей директоры Ш.Пайзуллаева басқарып барды.

Қарақалпақ классикалық әдебиятының көрнекли ўәкили Әжинияз Қосыбай улы қарақалпақ халқының руўхый дүньясының байыўына үлкен үлес қосқан, әдебиятты тек ғана раўажландырып қоймастан, қоңсылас халықларға таныстырған уллы тулға болып табылады.

Өзи жасаған дәўирде феодаллық қатнасықлар ҳүким сүрип турған болса да, оның ақыл-ойы бир неше әсир алдыға раўажланып, «Бул дүньяның көрки – адам баласы» екенлиги ҳаққында гуманистлик шешимге келгенлиги де оның адамгершилик пазыйлетлерин көрсетип береди.

Илажда Қарақалпақстан халық бақсысы Ғ.Өтемуратов “Әжинияз шығармаларының мәденият  мектеплеринде  үйренилиўи”, филология илимлери бойынша философия докторы(РhD) Ш.Смамутова «Әжинияз шығармаларының қазақ әдебиятында үйренилиўи», Бердақ атындағы қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейи жетекши илимий хызметкери А.Идрисов «Бердақ музейи фондында Әжинияздың жаңадан табылған нусқалары» деген темаларда Әжинияздың қарақалпақ әдебиятындағы орны, өмири ҳәм дөретиўшилиги, оның дөретпелериниң изертлениў мәселелерине арналған баянатлары менен қатнасты.

Илаж ҚМУдыӊ көркем өнер факультети студентлери ҳәм Нөкис қәнигелестирилген көркем өнер ҳәм мәденият мектебиниң оқыўшыларының атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги