Ҳәзирги ўақытта Шавкат Мирзиёев Қарақалпақстанның Беруний районында қуўатлылығы 100 МВт болған самал электр станциясы қурылысын баслаў ушын ирге тасын қойыў илажына қатнаспақта, деп хабар бермекте Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги Бас директорының орынбасары Х.Худайбердиев өзиниң телеграмм каналында.

Халықаралық тендерде Саудия Арабстанының «ACWA Power» компаниясы 1 киловатт саат электр энергиясы ушын 2,57 АҚШ центи (278,5 сум) тариф усынысы менен жеңимпаз деп табылған  еди.

Бул электр станция 2024-жылы иске түсириледи. Ол иске түскеннен кейин жылына 350 миллион киловатт-саат электр энергиясын ислеп шығарып, 120 мыңнан аслам шаңарақты электр энергиясы менен тәмийинлейди.

Әҳмийетлиси, станция иске түскеннен соң жылына 106 миллион куб метр тәбийғый газди үнемлеўге ерисиледи және атмосфераға 160 мың тонна зыянлы шығындылар шығыўының алды алынады. Үнемленген газ бенен 35 мың шаңарақты 1 жыл даўамында тәбийғый газ бенен тәмийинлеў мүмкин.

Қарақалпақстан хабар агентлиги