Кейинги жылларда мәмлекетимизде билимлендириў тараўына айрықша итибар берилип, студент-жасларға кеӊ имканиятлар жаратылмақта. Бизлерден бул имканиятлардан пайдаланып билиў ғана талап етиледи.

Атап айтқанда ҳәр жылы елимизде қәбилетли жасларды хошаметлеў, оларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде жоқары оқыў орынларында  айрықша баҳаларға оқып атырған студентлер Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик стипендиялары менен сыйлықланып келинбекте.

Көпшиликтиӊ хабары болса керек, жақында  жоқары оқыў орынларыныӊ бакалавриат тәлим бағдарында билим алып атырған 383 қәбилетли студент мәмлекетлик стипендия жеӊимпазлары болды. Олардыӊ қатарында Төлепберген Қайыпбергенов атындағы мәмлекетлик стипендиясыныӊ жеӊимпазы болғанлығым мени шексиз қуўанышқа бөледи. Бул пүткил филиал жәмәәти  ҳәм студентлери ушын әжайып хабар болды. Және бир қуўанышлы тәрепи сонда, филиалда билим алып атырған студентлер арасында бириншилерден болып мәмлекетлик стипендияныӊ жеӊимпазы болыў бахтына миясар болдым. Тәлим алып атырған дәргайымныӊ тарийхында усылайынша, биринши стипендия жеӊимпазы сыпатында атымды жазып қалдырыў мен ушын үлкен бахыт. Әлбетте, бунда илимий басшым Қуралбай Атаназаров ҳәм филиалдағы оқытыўшыларымыздыӊ мийнети, қоллап-қуўатлаўлары айрықша әҳмийетке ийе болды. Алдымызға қойған мақсетлерге ерисиў ушын белгили жолды басып өтиўимиз ҳәм тынбай ҳәрекет ислеўимиз  керек. Мен де 1-курстан баслап стипендия жеӊимпазлығына мүнәсип болыў ушын устазларымнан жаӊа билимлер алып, өз үстимде оқып излендим. Бүгинги күнге шекем илимий басшым менен биргеликте алып барған жумысларым нәтийжесинде  республика көлеминде 3 илимий мақалам жарық көрди.  «Ветеринария медицинасы ҳәм шарўашылықта заманагөй жетискенликлер ҳәм инновациялар» атамасындағы Республикалық илимий ҳәм илимий-техникалық әнжуманына белсене қатнастым. Соныӊ менен бирге, филиалда шөлкемлестирилип киятырған ҳәр түрли руўхый-ағартыўшылық илажлары ҳәм таӊлаўларда белсене қатнасып, мүнәсип орынларды ийелеп келмектемен. Ҳәзирги күнде илимий жумыслар алып бармақтаман. Төлепберген Қайыпбергенов атындағы мәмлекетлик стипендияныӊ жеӊимпазы болғанымды еӊ биринши анама айтып, бул қуўанышымды ата-анам менен бөлистим. Мениӊ бул табысым биринши гезекте, бәрқулла мениӊ тилегимди тилеп отырған  усы инсанлардыӊ арқасында деп ойламан. Қалаберсе, бундай унамлы нәтийжеге ерисиўимниӊ тийкарында филиалымызда студент-жаслар ушын жаратылған шараятлар ҳәм устазларымыздыӊ берген билимлери менен үгит-нәсиятлары  үлкен әҳмийетке ийе болғанлығын айрықша атап өтким келеди.

Мениӊ жетискенлигимди бириншилер қатарында филиал директоры Әдилбай Есимбетов студентлер қатнасыўында жеке өзи мени қутлықлап, жақсы тилеклерин билдирди ҳәм алғыснама менен сыйлықлады. Ол өз сөзинде:  “Киши болсын, үлкен болсын–ҳәр бир студенттиӊ ерискен нәтийжелери мени жүдә қуўанышқа бөлейди. Бүгин болса Ақсүӊгүл Досекееваныӊ Төлепберген Қайыпбергенов атындағы мәмлекетлик стипендиясы менен сыйлықланғанлығы пүткил филиал жәмәәти ушын үлкен жаӊалық болды. Биринши стипендия жеӊимпазын қызғын түрде қутлықлайман!  Усы күнди интизарлық пенен күткен едим. Буннан кейин де филиалымызда белсенди ҳәм билимли студентлеримиздиӊ қатары және де кеӊейип барыўына исеним билдиремиз!»,–деп атап өтти.

Әлбетте, бундай хошаметлеў маған және де мотивация берди.  Бундай илажда мениӊ бир уққаным биринши болыў машақатлы ҳәм жағымлы екен. Усы жоқары оқыў орныныӊ студенти екенлигимнен және бир мәрте шексиз мақтанышқа бөлендим. Маған билдирилген үлкен исенимди ақлаў ҳәм алдыма қойған  уллы мақсетлерге ерисиў  ушын тынымсыз ҳәрекетте боламан. Мәмлекетлик стипендияныӊ жеӊимпазы болғаным —  илимдеги дәслепки пәрўазымныӊ басланыўы деп ойлайман. Дәслепки адым ҳәмийше әҳмийетли саналады. Устазларымныӊ қоллап-қуўатлаўы ҳәм жәрдеми, өзимниӊ күшли умтылыўым  менен  гөзлеген мәнзилиме жетип баратуғыныма исенимим кәмил.

 

Ақсүӊгүл Досекеева, 

Самарқанд ветеринария медицинасы институты

Нөкис филиалыныӊ   3-курс студенти. 

Қарақалпақстан хабар агентлиги