Көп қабатлы турақ жайлардың конструкцияларына зыян елтиретуғын түрде өзгерислер исленгени ямаса бул турақ жайлар аймағында нызамсыз қурылмалар қурылғанының көп гүўасы боламыз. Бул болса көп квартиралы турақ жайлар ҳәм адамлар өмири қәўипсизлигине өзиниң тәсирин көрсетеди. Атап айтқанда, кейинги 4 жылда 61 мың 677 жағдайда көшпес мүлк ийелери тәрепинен турақ жай фонды ҳәм оған тутас аймақларда өзбасымшалық пенен қурылмалар қурылғанлығы анықланған.

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилисинде «Көп квартиралы турақ жайларды басқарыў системасының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары екинши оқыўда додаланды.

Атап өтилгениндей, ҳәзирги күнде әмелдеги нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерде Көп квартиралы турақ жай фондынан пайдаланыўды қадағалаў инспекциясына анықланған нызамсыз қурылмаларды тек ғана мәжбүрий көрсетпе бериў ямаса судлар арқалы сапластырыў ҳуқықы берилген. Бирақ, өзбасымшалық пенен қурылған нызамсыз қурылмаларды мәжбүрий тәртипте сапластырыўға байланыслы судларға арзалар бериўде алдыннан мәмлекетлик бажы төлеминен азат етилмегени себепли бул мазмундағы материалларды судларға бериўде бир қатар қыйыншылықларға ушыраспақта.

Бул нызам жойбарының қабыл етилиўи басқарыў уйымларының финанслық турақлылығы тәмийинлениўине, соның ишинде, көп квартиралы турақ жайларды басқарыў системасында бәсеки орталығының жаратылыўына хызмет етеди. Буннан тысқары, халыққа пайдалы хызмет көрсетиўдиң жаңа басқышларын әмелиятқа енгизиўге тийкар болады.

Депутатлар нызам жойбары бойынша өз пикир-усынысларын билдирип, екинши оқыўда таярлаў даўамында халық ўәкиллериниң берген бир қатар усыныслары жойбарда өз көринисин тапқанын атап өтти.

Мәжилисте додалаўлардан соң нызам жойбары екинши оқыўда қабыл етилди.

Муҳтарама КОМИЛОВА,
ӨзАның хабаршысы