«Туризм, мәдений мийрас ҳәм спорт тараўларында мәмлекетлик басқарыўды жетилистириўге байланыслы шөлкемлестириў илажлары ҳаққында» Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы жәрияланды.

Усы пәрманға муўапық жаңа көзқараслар тийкарында туризм ҳәм спорт тараўларындағы басқарыў сапасын және де арттырыў мақсетинде:

Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги;

Спортты раўажландырыў министрлиги шөлкемлестирилиўи және бул министрликлердиң бағдарлары белгиленди.

Сондай-ақ, енди Бас министрдиң орынбасары – туризм ҳәм спорт министри лаўазымы Бас министрдиң орынбасары – туризм ҳәм мәдений мийрас министри лаўазымы етип қайта аталады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги