Мине бир неше күнлерден соӊ елимизге бәҳәр мәўсими кирип келеди ҳәм  әтираптағы барлық тәбиятқа жан енип, аўыл-аймақларымыз жасыллыққа бөленеди. Таў басындағы мәӊги музлықлар ерип, дәрья ҳәм каналларымыз суўға толады. Ал, халқымыз болса, бәҳәрдиӊ ҳәр бир күнин ғәниймет билип, оннан нәтийжели пайдаланып қалыўға ҳәрекет етеди.

Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен аймақлардыӊ экологиялық жағдайы ҳәм ҳаўаныӊ тазалығын жақсылаў мақсетинде усынылған  «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары халқымыздыӊ әзелий үрп-әдет ҳәм дәстүрлери менен үнлес екенлиги  күни кеше пүткил республикамыз бойлап өткерилген  «Жасыл мәкан-келешек саламатлығы тийкары» сүрени астында өткерилген акцияда айқын көзге тасланды.

Өткерилген акция шеӊберинде бизлер жасайтуғын Нөкис районындағы «Тақыркөл» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында 4 гектар майданға 1750 түп алма, 2000 түп ерик ҳәм 2000 түп ақтерек нәллери егилип, бул илажға сенаторлар, район ҳәкими, депутатлар, жәмийетлик ғайраткерлер ҳәм жаслардыӊ биргеликте қатнасыўы көклемзарластырыў ҳәм абаданластырыў жумысларыныӊ нәтийжели болыўына тийкар жаратты.

Әлбетте, бул илажға бизлер мийнет етип атырған Нөкис районындағы 18-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниӊ жәмәәти де белсене қатнасты.  Хызметкерлеримиз тәрепинен мектеп әтирапы абаданластырылып, жап-салмалар қыршып, тазаланды. Ҳәр қыйлы саяманлы ҳәм мийўе нәллери егилип, бурын өсип турған тереклердиӊ түплери ҳәкленди. Алып барылған бул жумыслар келешегимиз болған жас әўладтыӊ саламат ҳәм абадан турмыс кешириўи ушын исленип атырған ийгиликли ислердиӊ бир бөлими деп айта аламыз. Себеби, тәбиятымыз таза ҳәм сап болса, балаларымыздыӊ денсаўлығы беккем ҳәм саламат болады.

Оралбай Шерназаров,

Нөкис районлық ХББ ға қараслы 18-санлы улыўма орта билим бериў мектеби директоры