Өзбекстан-АҚШ қатнасықларында көп қырлы бирге ислесиў, ҳүрмет ҳәм исеним принциплери үлкен әҳмийетке ийе. Өз-ара байланыслардың турақлы раўажланып атырғаны билимлендириў тараўында да пайдалы келисимлерге жол ашпақта.

ИИМ Академиясы ҳәм АҚШ Миллий қорғаныў университети арасында шөлкемлестирилген онлайн видео сөлесиўде бирге ислесиў қатнасықларының перспективлары додаланды.

Ушырасыўда еллеримиз арасындағы байланыслар стратегиялық бағдарларда избе-из даўам етип атырғаны, халықаралық терроризм, диний экстремизм, нәшебентлик затлардың нызамсыз саўдасы ҳәм трансмиллий жынаятларға қарсы гүресиўде бирге ислесиўди және де күшейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, билимлендириў тараўында тәжирийбе алмасыўды кеңейтиў, кадрлар таярлаў процесине тәжирийбели қәнигелерди тартыў, заманагөй қәўип-қәтерлердиң алдын алыўға қаратылған арнаўлы курсларды шөлкемлестириў, АҚШ Миллий қорғаныў университети жанындағы NESA оқыў орайының имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў бойынша пикир алысылды. Сөйлесиўлердиң жуўмағында ИИМ Академиясы ҳәм АҚШ Миллий қорғаныў университети арасында бирге ислесиў меморандумына қол қойыўға келисип алынды.

Өзбекстан Республикасы Ишки ислер академиясы

ӨзА