Ишки ислер министрлигинен Б.Абдуллаев айдаўшылар ишки ислер хызметкериниң рухсатысыз оның видеосын интернетке жайластырғаны ушын жуўапкершилик белгилениўи ҳаққында айтып, буны Президент тапсырмасы деп, түсиндиргенине депутат Р.Кушербаев өз көзқарасын билдиреди.

«Бирақ бизиң пикиримизше бул көбирек министрликтиң қәлеўи емес, ал Бекмуратов мырзаның өзи қәлеп атыр. Олардың тилеги ҳәзирги ўақытта логикасыз, теңлик ҳәм демократия принциплерине қайшы есапланады. Себеби, ишки ислер системасы хызметкерлери биреўдиң төсегине шекем кирип видеоға алып, интернетке тарқатқанда ямаса өзлерине жақпаған блогерди услап пүткил интернете «гей» етип көрсетиўге ҳәрекет еткенде де олар нызам алдында жуўап бергенин көрмедик.

Система өз хызметкерлериниң «бузық» ҳәм нызамсыз ҳәрекетлерине көз жумып  киятырған бир ўақытта биз пуқаралардың бирде-бир ишки ислер ўәкилиниң төсегине камера менен киргени ямаса «гей»ге шығарғанын көрмедик.

Бәлким сүўретке алып тарқатыў мәселесинде шеклеўди ишки ислер өз системасында күшейтиўди ойлап көрер. Себеби олар шегарадан шығып кетпекте.

Кейин халықтан ненидур талап етиўден бурын инсан өзи халыққа үлги болыўы керек.

Әлбетте, биз бул сыяқлы демократияға қайшы, жәмийетлик қадағалаўды шеклейтуғын нызамлар қабыл етилиўине қарсымыз», деп жуўмақлаған өз сөзин Р.Кушербаев.

Қарақалпақстан хабар агентлиги