Шавкат Мирзиёев Янгиҳаят районындағы көп қабатлы жайдың дийўалына сызылған сүўретти мақтады, деп жазбақта Хушнудбек өзиниң телеграмм каналында.

Хабарда жазылыўынша, аноном стрит-арт художник Чиланзардағы имарат дийўалына белгили илимпаз Эйнштейнниң графитин сызған. Бул сүўретти ҳәкимлик өширип таслаған. Неге өширдиңлер десе, бул имарат жақында бузылыўы керек, соның ушын сүўретти өширдик, депти Чиланзар ҳәкиминиң орынбасары.

«Мейли, егер усы имарат бузылса, сүўрет пенен бирге бузылып кете берсин. Неге өшириў керек еди?

Менде басқа гүман бар. Сүўретти өширген ҳәкимлик ўәкиллери Эйнштейнниң ким екенин танымаса керек. Бул шашлары, муртлары өскин адам ҳәм оның қасындағы қандайдур жазыўлар жасларымыздың руўхый дүньясын бузып атыр, деп ойлаған шығар», деп келтиреди автор.

Қарақалпақстан хабар агентлиги