Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Нөкис қалалық Кеңесиниң жуўаплы хызметкерлери ҳәм халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңестеги партия топары ағзалары тәрепинен «Гөне қала» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында «Депутат мәҳәлледе» жойбары өткерилди.

Илаж даўамында аймақ турғынлары менен жүзбе-жүз ушырасып, аймақтағы шешимин күтип турған мәселелер, сондай-ақ, партияның электораты есапланған социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлардың машқалалары үйренилди.

Атап айтқанда, партия ўәкиллери менен депутатлар усы аймақта жасаўшы биринши топар майыплығы болған Еркебай Сарманов ҳәм Базарбай Мәмбетниязовлардың шаңарақларында болып, олардың мүрәжатларын тыңланды. Олар турақ жайларындағы машқалаларды сапластырыўда жәрдем сорап мүрәжат етти. Сондай-ақ, аймақтағы Едиге көшесинде жасаўшы Шайда Генжебаева биринши топар майыплығы болған қызын «Темир дәптер»ге киргизиўге, Абдамбетов көшесинде жасаўшы биринши топар майыплығы болған Назарбай Кушбаев қызын жумысқа орналастырыўда әмелий жәрдем сорады.

Аймақ турғынлары тәрепинен билдирилген мүрәжатлар жойбар қатнасыўшылары тәрепинен үйренип шығылып, оның орынланыўы халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиндеги партия топары ағзасы Гәўҳар Қудиярова тәрепинен қадағалаўға алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги