БМШтың Қашқынлар ислери бойынша Жоқарғы комиссары басқармасы қашқынлар менен байланыслы айрықша жағдайларғы таяр турыў илажлары шеңберинде Сурхандәрья ўәлаятындағы «Termez Cargo Centre»ден Тәжикстанға гуманитарлық жәрдем жиберди.

Бул гуманитарлық жәрдем Аўғанстаннан итималлы қашқынлар ағымына таярлық көриўде Тәжикстан ҳүкиметин қоллап-қуўатлаўға қаратылған ҳәрекеттиң бир бөлеги болып есапланады.

Гуманитарлық жүктиң биринши жөнелтпеси қурамында 40 тоннаға шамалас жасаў орны ушын керекли шаңарақлық шатыр, жатақ төсеги, асхана үскенелери, полиэтилен плёнка ҳәм басқа да басланғыш жәрдем үскенелери бар. 2021-жыл ноябрь-декабрь айларында Термизге ҳаўа ҳәм қурғақлық жолы арқалы жеткерилген жүк зәрүр жәрдемди резервлеў ушын Тәжикстанға алып кетилмекте.

Бул сақаўат миссиясы Япония ҳүкиметиниң 700 000 долларлық еркин жәрдеми ҳәм Европа Аўқамының 500 000 евро муғдарындағы жәрдеми есабынан әмелге асырылды.

Гуманитарлық жүк Өзбекстан ҳүкимети жәрдеминде Термиз жүк тасыў орайында шөлкемлестирилген БМШ Қашқынлар ислери бойынша Жоқарғы комиссарлығы гуманитар орайынан жиберилди.

ӨзА