Ҳүрметли президентимиз Шавкат Мирзиёев тәрепинен жәрияланған «Жасыл мәкан» улыӯма миллий жойбары республикамыздың барлық орынларында болғаны сыяқлы Шымбай районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 17-санлы улыўма орта билим бериў мектеби жәмәәти тәрепинен де қызғын қоллап-қуўатланып, бул бойынша аймақта  абаданластырыӯ ҳәм кѳклемзарластырыӯ  жумыслары алып барылды.

Атап айтқанда, 19-20-февраль күнлери мектеп жәмәәти ағзалары тәрепинен оқыў орныныӊ әтираплары абаданластырылып, жап-салмалар қазылды,  жерлер сүрилип, салма бойларына ҳәр қыйлы түрдеги мийўе ҳәм саяманлы терек нәллери егилди.

-Өткен жылы аўылымыз «Абат аўыл» мәмлекетлик бағдарламасына киргизилгеннен соӊ бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылған еди. Соныӊ ишинде, мектеп имаратына да жеӊил оӊлаў жумыслары исленди. Мине,  бүгин усы жумыслардыӊ даўамы сыпатында мектеп әтирапын абаданластырып, көклемзарластырыў жумысларына пүткил жәмәәтимиз бенен бирге белсене қатнасып атырмыз,-дейди бизге усы мектеп директорыныӊ хожалық ислери бойынша орынбасары Саламат Далиев.

 

Ҳақыйқатында да «мийнет түби –рәҳәт» дегениндей бизлер мектеп жәмәәтиниӊ бүгинги ислеген мийнетлери өзлериниӊ жемисин беретуғынлығына исенип қаламыз.

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы