Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде  Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң «Жаслар қанаты» тәрепинен  «Депутат ҳәм жаслар»  атамасында  ушырасыў өткерилди.

Онда     Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинитң депутатлары, партия белсендилери, университеттиң профессор-оқытыўшылары,  юридика ҳәм физика факультетиниң студент жаслары қатнасты.

Ушырасыўда  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң  депутаты, ӨзЛиДеП Республикалық Кеңесиниң аппарат баслығы Ш.Өтемисов ҳәм басқалар елимизде  кейинги бес жыллықта алып барылған өзгерислер менен жаңаланыўлар  туўралы кең түрде мағлыўматлар берди.

Сондай-ақ, келешегимиз болған  жасларымызға   каратылып атырған итибар, жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясат,  қабыл етилип атырған қарар ҳәм пәрманлардың әҳмийети атап өтилип, партияның бүгинги күнде алып барып атырған жумыслары туўралы мағлыўматлар берилди. Әсиресе, кейинги бес жыл даўамында ҳәрекетлер стртатегиясы шеңберинде белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў бағдарында алып барылып атырған жумысларды  турмыслық мысаллар  менен атап өтер екен,  оның  даўамы сыпатында «Ҳәрекетлер стратегиясынан – Раўажланыў стратегиясына қарай» деген  тийкарғы идеяны баслы мақсет етип, 7 бағдар ҳәм 100 мақсетти өз ишине қамтыған Раўажланыў стратегиясының ҳәр бир бағдары ҳәм онда белгилеп берилген  баслы ўазыйпалар  бойынша мәселелер сөз етилди.

Яғный, Өзбекстанның  2022-2026-жылларға мөлшерленген  раўажланыў  стратегиясында төртинши тийкарғы бағдар әйне билимлендириў тараўын, инсан капиталын раўажландырыўға  қаратылған.

Ушырасыўда  студент жаслардың пикир-усыныслары тыңланып, олар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги