«Кейинги бес жылда мәмлекетимиздиң сыртқы саўда айланысы 2 есеге – 2016-жылдағы 24 миллиалд доллардан 2021-жылы 42 миллиард долларға артты.

Бажыхана системасы мәмлекетимизди дүнья экономикасына байланыстыратуғын көпир болып есапланады.

Бул система дурыс ҳәм ашық-айдын ислемесе, исбилерменлик, инвестицияға тосқынлық болады ҳәм халықтың наразылығын келтирип шығарады.

Соның ушын бул тараўда 2019-жылы үлкен реформаларды басладық», деди Президент мәжилис алдынан.

Соның ишинде:

– бажыхана постларында «жасыл коридор»лар енгизилип, ҳәзирги ўақытта олар арқалы 95 процент жолаўшы ҳәм 75 процент жүк өтпекте;

– бурын 12 уйымнан алынған 60 түрдеги рухсатнамалар «бир айна» арқалы электрон түрге өткерилди;

– нәтийжеде бажыханада жүклерди рәсмийлестириў ўақты 10 есеге шекем қысқарды.

«Бажыхана системасы төменнен баслап, ең жоқары буўынға шекем өзгериўи керек» – деди Президент.

Бес жыллық Раўажланыў стратегиясында экспортты 30 миллиард долларға, сырт елли туристлердиң санын 7 миллионға жеткериў белгилеп алынған.

«Бул үлкен шыңлар. Буның ушын, бажыхана системасы төменнен баслап, ең жоқары буўынға шекем өзгериўи керек.

Тапсырмам бойынша, комитеттиң жаңа баслығы тиккелей постларда хызметкерлер, халық ҳәм исбилерменлер менен жүзбе-жүз сөйлесип, ҳәр бир мәселени ишине кирип үйренди.

Ўәлаят ҳәкимлери бир нәрсени анық түсиниўи керек. Бажыхана постлары мәмлекетимиздиң жүзи, биринши түсиник те әйне бажыханадан басланады.

Бажыхана постына қарап, ҳәр бир ҳәкимниң мәдениятына баҳа бериледи. Олардың әтирапында тегис жоллар, егилген саяманлы терек ҳәм гүллер, халық ушын қолайлы шараятлар болыўы шәрт», деди мәмлекетимиз басшысы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги