Ташкент қаласы бойынша 606 шығынды топлаў майданшалары болып, шығынды топлаў шақапшаларының 71 проценти Ташкент қалалық арнаўлытранс өндирислик басқармасына, қалған 29 проценти болса жеке меншик хызмет көрсетиў шақапшаларына тийисли.

«ӨзА»ның Ташкент қалалық арнаўлытранс өндирислик басқармасы мәсләҳәтшиси И.Сагдуллаевқа тийкарланып хабар бериўинше, қала бойынша 1000 шығынды шақапшасының ҳәр биринен күнине 2-3 килограммнан жәми 2 тоннаға шамалас нан шығындыға алып шығып тасланады. Жумысшылар бул нанлардың жақсыларын қарамал, қой бағатуғын адамларға берип жибереди. Көгергенлерин болса салмаға ағызыўға мәжбүр болады екен.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.