Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги тәрепинен жерлердиң мелиоративлик жағдайын жақсылаў,  шор жуўыў ҳәм суўды  үнемлеўши технологияларды енгизиў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар менен ғалаба хабар қураллары ўәкиллерин ҳәм блогерлерди жақыннан таныстырыў мақсетинде пресс-тур шөлкемлестирилди.

Өзбекстан Республикасы суў хожалығын раўажландырыўдың 2020-2030-жылларға мөлшерленген концепциясы ҳәм 2021-2023-жылларға мөлшерленген стратегиясына муўапық, суўды өлшеўши постларға 206 «Ақыллы суў» қурылмасы, сондай-ақ, бақлаў қудықларында жер астының суўларын онлайн мониторинг етиўши 357 дана «DIVER» қурылмасы орнатылды. Бул қурылмалар инсан факторысыз мағлыўматларды оператив алыў ҳәм мониторинг жүргизиў имканиятын береди. Буннан тысқары, насос  станцияларына суўдың муғдарын онлайн мониторинг етиўши 65 дана қурылма орнатылды ҳәм интеграциялаў жумыслары алып барылды.

Илаж қатнасыўшылары дәслеп Хожели районында бул бағдарда әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысты.

Шоманай районында суў там-тарыслығы шараятында ислениўи тийис илажлар ҳәм алдағы ўазыйпаларға бағышланған брифинг болып өтти.

Онда Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министриниң биринши орынбасары А.Назаров ҳәм басқа да қәнигелердиң атап өткениндей, өткен жылы жәми 28,7 километр коллектор-дренаж тармағы, 4 көпирди қурыў ҳәм реконструкциялаў жумыслары алып барылды. Сондай-ақ, 1256,4 километр (жыллық режеге салыстырғанда 108 процент) коллектор-дренаж тармағын оңлаў-тиклеў жумыслары орынланды.

Быйылғы жылы болса, мелиорация объектлеринде 134,1 километр коллектор-дренаж тармағы, 1 көпирди қурыў ҳәм реконструкциялаў, 1145 километр коллектор-дренаж тармағын оңлаў-тиклеў жумыслары реже етип алынды.

Соның менен бирге усы жылы 22500 гектар майданда суўды үнемлеўши, атап айтқанда, 17500 гектар майданда тамшылатып суўғарыў, 5000 гектарда селлетип суўғарыў технологияларын енгизиў режелестирилген. Бүгинги күнде қурыўшы кәрханалар менен жумысты бөлип алып ислеў, банклер менен кредит шәртнамалары толық рәсмийлестирилип, қаржы ажыратылмақта. Соның менен бирге, 560 гектар бийдай майданы ушын 11 миллиард 310 миллион сум кредит қаржысы ажыратылып, усы майданларда селлетип суўғарыў технологияларын қурыў жумыслары алып барылмақта.

Быйылғы жылы 735 суў хожалығы объектине заманагөй санлы технология, атап айтқанда, суў ресурсларын онлайн қадағалаў имканиятын бериўши 341 «Ақыллы суў» қурылмасы, 270 мелиоративлик бақлаў қудығында жер асты суўларының қәддин ҳәм олардың минералласыў көрсеткишлери  мониторингин жүргизиўши  «DIVER» қурылмасын орнатыў, 1 ири объектти басқарыўды автоматластырыў, сондай-ақ, 123  насос станциясына суўдың сарпланыўын онлайн қадағалаў имканиятын бериўши қурылмаларды орнатыў режелестирилген. Бүгинги күнге оларды орнатыў кестеси ислеп шығылған.

Илажда ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ҳәм блогерлер быйылғы жылы суўдан үнемли пайдаланыў, буның ушын  жоқарыда атап өтилген технологияларды енгизиў абзаллықлары бойынша өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Илаж қатнасыўшылары сондай-ақ, «Сүўенли» ирригация системасы басқармасының жумыслары менен танысты. Басқарма баслығы Муратбай Алжановтың атап өткениндей, жәмәәт есабында 234,8 километр узынлықта магистрал ҳәм хожалықлар аралық канал, 286 суў хожалығы объекти болып, олар Хожели, Тақыятас, Шоманай, Қанлыкөл, Қоңырат ҳәм Мойнақ районларының 161791 гектар аўыл хожалығы жер майданын суў менен тәмийинлеўге хызмет етеди.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы