Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 26-январь күни Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин менен телефон арқалы сөйлести.
Бул ҳаққында Өзбекистан Республикасы Президентиниң Баспасөз хызмети хабар берди.
Сөйлесиўде еки мәмлекет басшылары Өзбекистан ҳәм Россия арасында стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықлар избе-из беккемленип, раўажланып атырғанын үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.
2017-жыл 4-5-апрель күнлери Россия Федерациясына әмелге асырылған жоқары дәрежедеги сапар етиў және еки мәмлекет басшыларының турақлы ушырасыўлары ҳәм пикир алысыўлары сиясий сөйлесиўди жеделлестириў, көп қырлы бирге ислесиўди кеңейтиўге хызмет еткени, байланысларды сапа жағанан жаңа басқышқа көтерип, әмелий мазмун менен байытқаны айрықша атап өтилди.
Биргеликтеги ҳәрекетлердиң нәтийжесинде саўда-экономика, инвестиция, қаржы ҳәм транспорт-коммуникация тараўларында салмақлы нәтийжелерге ерисилди.
Бүгинги күнде елимизде Россияның жетекши компаниялары ҳәм банклериниң қатнасыўында энергетика тармағы, нефть-газ комплекси, металлургия, машина қурылысы, тоқымашылық ҳәм азық-аўқат, фармацевтика, қурылыс материаллары санааты ҳәм басқа да әҳмийетли бағдарларда ири инвестициялық жойбарлар әмелге асырылмақта.
Өткен жылдың жуўмақларына бола, өз-ара товар алмасыўдың көлеми 20 процентке артты ҳәм 4,5 миллиард долларға жетти.
Мәмлекет басшылары Аймақлараралық бирге ислесиўге көмеклесиў ҳаққындағы ҳүкиметлераралық келисим шеңберинде еллеримиз аймақлары арасында нәтийжели шериклик жолға қойылғанын айрықша атап өтти.
Туристлик ҳәм мәдений алмасыўлар кеңеймекте, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўларында әҳмийетли қоспа жойбарлар әмелге асырылмақта.
Өзбекистан ҳәм Россия басшылары регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе баслы мәселелерди, алдағы түрли дәрежедеги ушырасыўлар менен илажлардың режесин додалады.
Сөйлесиўдиң жуўмағында Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин еллеримиз ҳәм халықларымыздың мәплери жолында, регионда тынышлықты, турақлылықты ҳәм раўажланыўды тәмийинлеў мақсетинде өз-ара пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеўге таяр екенин айрықша атап өтти.
ӨзА