Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 28-январь күни мектеп билимлендириўин раўажландырыў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Мәмлекеттиң келешеги, барлық тараўлар ҳәм жойбарлардың табысы билимли инсанларға байланыслы. Сонлықтан кейинги төрт жылда билимлендириўдиң сапасын жақсылаў, муғаллимлердиң абырайын көтериў бойынша көп жумыслар исленди. Енди мәмлекетимиз жаңа дәўирге қәдем қоймақта. Өзбекстанның 2022-2026-жылларға мөлшерленген раўажланыў стратегиясында төртинши тийкарғы бағдар әне, усы билимлендириў тараўын, инсан капиталын раўажландырыўға қаратылған.

Мәмлекетимиз басшысы бул турмыслық мәселе екенин атап өтти.

­ Бул тараўдағы реформаларды кешиктириўге ҳақымыз жоқ. Мектеп билимлендириўинде тырнақты бүгиннен беккем қойыўымыз керек. Буған барлық итибарымыз ҳәм ресурсларымызды жумсаймыз. Қыйын жолды таңлап атырмыз, бирақ, бул жол машқалаларды шешеди, ­ деди Шавкат Мирзиёев.

Мектеплерди жақсылаў тек Халық билимлендириў министрлигиниң емес, ал, барлық министрликлер ҳәм уйымлар, ҳәкимликлер, илимий шөлкемлер, зыялылар, кең жәмийетшиликтиң ўазыйпасы болыўы керек екенлиги атап өтилди.

Атап айтқанда, мәмлекетимиз бойынша 10 мың 130 мектепти реформалаў зәрүр. Бул 6 миллионнан аслам оқыўшылар, 500 мыңнан артық муғаллимлер, улыўма, жәмийетимиздиң барлық қатламлары, ҳәр бир шаңарақтың келешегине тийисли.

Мәжилисте, дәслеп, тараўдағы машқала ҳәм әҳмийетли мәселелер көрсетип өтилди.

Бүгинги күнде 1 мың 695 мектеп толық оңлаўға мүтәж. Тилекке қарсы, елеге шекем 179 пақсадан қурылған мектеп бар. 3 мыңнан аслам мектеп ушын қосымша оқыў имаратлары зәрүр. 2 мыңнан аслам мектепте спорт зал жоқ.

Буннан тысқары, жаңа массивлердиң қурылыўы, аўыл инфраструктурасының кеңейиўи ҳәм халықтың өсиўи есабынан және 270 мектеп қурыўға зәрүрлик бар.

Усы ўақытқа шекем пайдаланылып киятырған билимлендириў стандартлары, оқыў бағдарламалары тек теориялық билим бериўге бағдарланған болып, балаларды логикалық пикирлеўге, әмелиятқа, турмысқа үйретпей атыр.

Мектеплерде жумыс ислеп атырған 504 мың педагогтан 60 мыңы орта арнаўлы мағлыўматлы, 190 мыңында болса улыўма маманлық категориясы жоқ. Көп педагоглардың билими ҳәм шеберлиги жетерли емес. Муғаллим сапалы сабақ өтиўге емес, «көбирек саат алыў»ға умтылады.

Системада елеге шекем 200 ден аслам есабатлар бар, оқытыў, илажлар өткериў сыяқлы процесслер ҳәдден тысқары қәлипке салынған. Мектеп китапханаларындағы китап фонды жыллар даўамында жаңаланбаған. Тек 615 мектепте миллий музыка әсбаплары бар.

Мектеплерди баҳалаў, оларды аттестация ҳәм аккредитациядан өткериў атына болып, тәлим-тәрбия орталығын жақсылаўға хызмет етпейди.

Бундай кемшиликлер халық билимлендириўи системасында барлық көзқарасларымызды түп-тийкарынан қайта көрип шығыў, оларды пүткиллей жетилистириўди талап етеди. Сонлықтан, мектеплердиң  ишки ҳәм сыртқы көринисин жаңалаў, билимлендириўдиң сапасын пүткиллей жаңа басқышқа алып шығыў бойынша үлкен реформалар басланатуғыны айтылды.

­ Улыўма етип айтқанда, оқытыў методикасы, сабақлықлары, партадан баслап, имаратына шекем толық қайта көрип шығамыз. Билимлендириўге, муғаллимге шараят жаратпасақ, жәмийет өзгермейди. Район, ўәлаят ҳәм республика дәрежесинде Мектеп билимлендириўин реформалаў кеңеслери дүзиледи. Республикалық кеңеске жеке өзим басшылық етемен. Районлық ҳәм ўәлаятлық кеңеслерге болса ҳәкимлер басшы болады, ­ деди Президент.

Бул кеңеслер тараўға байланыслы жумысларды халық пенен кеңесип, муғаллимлер, ата-аналар ҳәм қәнигелердиң пикирлери негизинде шөлкемлестиреди.

Мәжилисте мектеп билимлендириўин раўажландырыў бойынша тийкарғы ўазыйпалар белгиленди.

Келеси бес жылда 1 миллион 200 мың оқыўшы орны шөлкемлестирилиўи зәрүр. Мәмлекетимиз басшысы жаңа мектеплер ҳәм барларында қосымша имаратлар қурыў арқалы қуўатлықларын арттырыў бойынша көрсетпелер берди.

Енди бул жумыслар менен ўәлаят, қала ҳәм район ҳәкимлери шуғылланатуғыны атап өтилди. Мәмлекет тәрепинен ажыратылатуғын қаржыдан тысқары жергиликли бюджет түсимлериниң де бир бөлеги мектеплерге бағдарланады. Ең әҳмийетлиси, жаңа мектеплер мәҳәлле белсендилери, ата-аналар ҳәм жәмийетлик қадағалаў астында қурылады ҳәм пайдаланыўға қабыл етиледи.

Қурылыс министрлигине жаңа талаплардан келип шығып, «үлгили мектеп» жойбарларын ислеп шығыў тапсырылды.

Шараяттан кейинги екинши әҳмийетли мәселе бул ­ мектеплердеги орталық. Мәмлекетимиз басшысы буның ушын басқарыўды реформалаў зәрүр екенлигин атап өтип, халық билимлендириўи бөлими баслығы ҳәм мектеп директорлығына маман менеджерлерди тайынлаў, сырт елден қәнигелер тартыў бойынша усыныслар берди.

Халық билимлендириў министрлигине бул қәнигелерге анық нәтийжеге тийкарланған талап ҳәм критерияларды ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.

Жоқары маман, излениўшең, өзиниң «шеберлик мектеби»не ийе муғаллимлерди хошаметлеў бойынша қосымша илажлар белгиленди. Оған бола, Халық билимлендириў министриниң фонды шөлкемлестириледи ҳәм оған дәслеп бюджеттен 300 миллиард сум ажыратылады. Фонд қаржылары алдынғы педагогикалық технологияларды енгизип атырған, оқыўшылары жоқары нәтийжелерге ерискен муғаллимлерге де бериледи.

Және бир басламаға бола, ҳәр бир ўәлаятта педагогикалық институтлар, университетлер, академиялық лицей ҳәм қәнигелескен мектеплер оқытыўшыларынан ибарат «мобиль методикалық топарлар» шөлкемлестириледи. Олар билимлендириў сапасы төмен болған мектеплерге барып, педагогларға жаңаша оқытыў усылларын түсиндиреди ҳәм жәредемлеседи. Буның ушын оларға айрықша айлық үстемелери бериледи.

Педагог кадрларды таярлаў системасы да түп-тийкарынан жетилистириледи. Буның ушын Ташкент қаласындағы 5 ҳәм аймақлардағы 17 жоқары билимлендириў мәкемелери турақлы тәризде мектеплерге бириктириледи. Студентлер 1-курстан-ақ мектеплер менен байланыслы тәризде оқыйды. Бул арқалы ҳәм студенттиң, ҳәм мектеп оқытыўшысының, ҳәм жоқары оқыў орны оқытыўшысының кәсиплик шеберлиги артады.

Мектеплерде оқыў жүклемеси ҳәм сабақлар санын қайта көрип шығыў, балаларды пикирлеўге шақыратуғын методикаларды енгизиў, сабақлықларды алдынғы тәжирийбелер тийкарында толық жаңалаў бойынша тапсырмалар берилди.

Оқыўшылардың бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў, спорт ҳәм көркем өнер дөгереклерин жеделлестириў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды.

Мәмлекетимиз басшысы мектеп билимлендириўи тараўындағы реформалар оғада әҳмийетли екенин атап өтип, жуўапкерлерге халықаралық шөлкемлер менен биргеликте стратегия ислеп шығыў ўазыйпасын қойды. Усы тийкарда, Мектеп билимлендириўин раўажландырыў бағдарламасының қабыл етилиўи белгиленди.

Мәжилисте министрлер ҳәм ҳәкимлер, елимиздиң барлық аймақларынан муғаллимлер ҳәм мектеп директорлары өз усынысларын билдирди.

ӨзА