Шпинат жүрек-қан тамыр системасына байланыслы машқалаларға дус келген адамлар ушын пайдалы. Бул ҳаққында диетолог Лера Лавский мәлим етти.

«Шпинат – азықлық затлары қоймаханасы. Ол, әсиресе, жүрек-қан тамыр системасына байланыслы машқалаларға дус келген адамлар ушын пайдалы болады, себеби оның қурамында калий ҳәм магний бар. Бул минераллар қан басымды нормада услап турыў ҳәм жүрек булшық етлерин босатыўға жәрдем береди» деди Лавский.

Қәнигениң айтыўына бола, шпинат қурамында клетчатка көп, соның ушын ол ишек моторикасына унамлы тәсир етеди ҳәм иш қатыўының алдын алыўшы өним болып есапланады.

«Шпинатты пайдаланыў пүткил асқазан-ишек трактының саламатлығына унамлы тәсир етеди. Шпинат қурамындағы каротиноидлар күшли антиоксидант болып есапланады. Ҳәр қандай жаста жаслық ҳәм  жетерли энергия дәрежесин сақлап қалыў ҳаққында қайғыратуғын ҳәр бир адам ушын шпинат  турақлы пайдаланатуғын өним болыўы керек. Шпинат С витамини дәреги сыпатында тез-тез  кесел болатуғын адамларға сай келеди, ол кеселлик дәўиринде иммунитетти сақлаўға жәрдем береди» деген ол.

Лавскийдиң айтыўынша, шпинат көп оксалатларға ийе ҳәм бүйреклер менен байланыслы машқалаларға дус келгенлер ушын оннан пайдаланыў шекленген болыўы керек.

Қарақалпақстан хабар агентлиги