Россия Федераллық биомедицина агентлиги ҳәптесине бир миллион тест системасын ислеп шығарыўды режелестирмекте. «Омикрон»ды анықлаў ушын, зәрүр болса, тест ислеп шығарыў көлеми және де арттырылады. Буйыртпа әллеқашан түсе баслаған, деди Россия Федераллық Медицина-биология (ФМБА) баслығы Вероника Скворцова.

Бурын ФМБА қәнигелери тәрепинен ислеп шығылған коронавирустың омикрон штаммын анықлаў тест системасы дизимге алынғаны ҳаққында хабар берилген еди.

«Бир ярым күн ишинде биз ири мәмлекетлик корпорациялардан. Узақ Шығыстан, мәмлекетимиздиң Европа бөлегине буйыртпалар алдық», деди Скворцова «Россия 24» телеканалы эфиринде.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги