Мәмлекетимиздеги автомобильлерге газ толтырыў шақапшаларының жумысына ўақтынша шеклеўлер орнатылады.

Бул ҳаққында Энергетика министрлигиниң мәлимлеме хызмети хабар берди.

Атап өтилиўинше, усы жылы 26-январьдан автомобильлерге газ толтырыў компрессор станцияларының жумысына ўақтынша шеклеўлер киргизиледи. Соның менен бирге, юридикалық тутыныўшыларға да тәбийғый газ жеткерип бериў тоқтатылады.

Ислеп шығарылып атырған тәбийғый газ толық көлемде ЫЭС, социаллық тараў объектлери ҳәм халық тутыныўшыларына қаратылады.

ӨзА