Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 20-январь күни мәмлекетлик мүлкти меншиклестириў бойынша быйылғы жылы әмелге асырылатуғын жумыслар бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Мәжилисте тараўдағы жумыслардың жағдайы ҳәм келеси режелер сын  көзқараста додаланды.

Мәмлекетимиз басшысының тапсырмасы менен өткерилген хатлаўдың нәтийжелерине бола, тармақлар ҳәм аймақларда нәтийжесиз исленип атырған 2 мың объект бар екенлиги анықланды.

Соның ишинде, нефть-газ тармағында 210,  байланыс тараўы кәрханаларында 152, мәмлекетлик коммерциялық банклерде 114, химия тармағында 44, энергетикада  28 сатылатуғын имарат бар. Ўәлаят ҳәкимликлери балансында да 170 ке шамалас бос объект жыллар даўамында сатылмай турыпты.

Мәжилисте бул бағдарда кемшиликлерге жол қойған басшыларға нормативлик илажлар көрилиўи  белгиленди, айырымлары ийелеп турған лаўазымынан босатылды.

Быйылғы жылы тараўдағы  жумысларды жеделлестирип, нәтийжелиликти еки мәртеге арттырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Мәселен, аймақлық объектлер ҳәм аўыллық емес жерлерди меншиклестириў арқалы жылдың ақырына шекем улыўма 8 триллион сумнан аслам түсимди тәмийинлеў мүмкин.

Соның менен бирге, хатлаўды даўам еттириў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди. Тараўлық емес, нәтийжесиз ҳәм бос  турған активлерди анықлаў және ашық саўдаларға шығарыўға ўәлаят ҳәкимлери ҳәм тармақ басшылары жеке жуўапкер  етип белгиленди.

Бүгинги күнге шекем саўдаға қойылған 33 мың жер участкасын мүлк ҳуқықы тийкарында сатыў, сондай-ақ, 1-июльге шекем және 25 мың майданды аукционға шығарыў ўазыйпасы қойылды.

Жол, транспорт, нефть-газ, энергетика, автомобиль қурылысы тармақларына қараслы 266 кәрхананы айрықша қатнас тийкарында саўдаға шығарыў керек екенлиги айтылды.

– Еле көплеген тармақ басшылары системасындағы тараўлық емес кәрханаларды нәтийжесиз ислетпекте. Ири тармақларда 480 кәрханадағы мәмлекетлик үлести толық жеке секторға бериў мүмкин, – деди Шавкат Мирзиёев.

Соннан келип шығып, Бас министрге «Өзавтосанаат», «Өзбекстан темир жоллары», «Өзбекнефтьгаз», «Аймақлық электр тармақлары» сыяқлы тармақлардағы тийисли объектлерди толық хатлаўдан өткерип, оларды меншиклестириў бойынша усыныс киргизиў тапсырылды.

«Ферғанаазот», «Бектемир спирт заводы», «Қоқанд биохимия», «Дийқанабад калий заводы», «Кварц», «Хайят» сыяқлы ири комплекслерге потенциаллы инвесторларды тартыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. 23 акционерлик жәмийеттиң акцияларын балсанғыш сатыў арқалы фонд базарына шығарыў бойынша көрсетпелер берилди.

Бос турған имаратлардан пайдаланыўдың және бир усылы – ижара. Мәжилисте бул бағдардағы имканиятлар да көрсетип өтилди. Аймақлар ҳәм тармақлар қарамағындағы мәмлекетлик мүлклердиң ижарасы есабынан быйылғы жылы  500 миллиард сум түсимди тәмийинлеў мүмкин екенлиги атап өтилди.

Буннан былай үш айдан аслам бос турған объект ижараға берилиўи ямаса сатыўға шығарылыўы шәрт екенлиги белгиленди. Мәмлекетлик активлер агентлигине мәмлекетлик үлеси бар кәрханалардың ижара шәртнамаларын ашық-айдын дизимге алыў ҳәм онлайн қадағалаў системасын жолға қойыў бойынша тапсырма берилди.

Мәжилисте белгиленген ўазыйпалардан келип шығып, аймақлар ҳәм тармақлар кесиминде 2022-жылғы меншиклестириў бағдарламасы тастыйықланатуғын болды.

 

ӨзА