Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 20-январь күни Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев пенен телефон арқалы сөйлести.

Мәмлекет басшылары еки тәреплеме күн тәртиби ҳәм регионаллық бирге ислесиўдиң әҳмийетли тәреплерин көрип шықты.

Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасындағы сиясий қатнасықлар жедел раўажланып баратырғаны, товар алмасыў артып атырғаны ҳәм кооперациялық байланыслардың күшейтип баратырғаны, аймақлар аралық ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўлардың жеделлескени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Усы мәнисте, Өзбекстан Республикасы Президенти 2021-жыл 5-6-декабрь күнлери Қазақстан Республикасына әмелге асырған сапары даўамында ерисилген келисимлердиң әмелге асырылыўы көрип шығылды.

Әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў, соның ишинде, саўда ҳәм логистика, машина қурылысы, энергетика, аўыл хожалығы, химия ҳәм фармацевтика, тоқымашылық ҳәм азық-аўқат тармақларында қоспа жойбарларды әмелге асырыў, сондай-ақ, еки мәмлекет аймағында Санаат кооперациясы халықаралық орайы ҳәм көтере саўда-бөлистириў орайларын қурыўға айрықша итибар қаратылды.

Мәмлекетимиз басшысы Қазақстан Президенти тәрепинен мәмлекеттеги жағдайды турақластырыў бойынша көрилип атырған илажларды қоллап-қуўатлайтуғынын билдирди.

Регионаллық қәўипсизликти тәмийинлеў мәселелери бойынша да пикир алысылды.

Болажақ жоқары дәрежедеги ушырасыўлар режеси көрип шығылды. Президентлер усы жылы өткерилиўи режелестирилген Орайлық Азия мәмлекет басшыларының мәсләҳәт ушырасыўына байланыслы мәселелерди додалады.

Телефон арқалы сөйлесиў әдеттегидей ашық, әмелий ҳәм дослық руўхында болып өтти.

ӨзА