Бүгин, 20-январь күни Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңесиниң гезексиз отыз сегизинши сессиясы болып өтти.

ҚР Жоқарғы Кеңеси баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, сессияда шөлкемлестириў мәселеси қаралды.

Сессия күн тәртибине муўапық, Қоңырат районының ҳәкими лаўазымына Мадаминов Бекзод Баходировичти тайынлаў мәселеси көрип шығылды.

Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы 81-статьясының 6-бәнтине муўапық, Қоңырат районының ҳәкими лаўазымына Мадаминов Бекзод Баходирович тайынланды.

Сессияға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов қатнасты.

Мағлыўмат ушын, Мадаминов Бекзод Баходирович мийнет жолы даўамында Ɵзбекстан Республикасы Қаржы министрлигиниң Қарақалпақстан Республикасы бойынша ғазнашылық басқармасында сектор баслығы, Беруний районы бойынша ғазнашылық бѳлими баслығы, Беруний районы ҳәкиминиң инвестициялар, инновациялар, меншиклестирилген кәрханаларға кѳмеклесиў ҳәм киши санаат зоналары ҳәм туризмди раўажландырыў мәселелери бойынша орынбасары сыяқлы бир қатар жуўапкерли лаўазымларда жумыс ислеген.

Ол бүгинги күнге шекем Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы болып ислеп келди.

Еслетип өтемиз, усы күнге шекем Қоңырат районы ҳәкими лаўазымында Қ.Халмуратов ислеп келген еди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.