Бүгин, 19-январь күни Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлигинде Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министри Ш.Хамраев басшылығында жыйналыс болып өтти. Бул ҳаққында министрлик мәлимлеме хызмети хабар берди.

Жыйналыста жерлердиң шорын жуўыўға таярлық көриў, ирригациялық ҳәм мелиорациялық объектлерде әмелге асырылатуғын илажлар менен бирге шөлкемлестириў мәселеси де көрип шығылған.

Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министриниң биринши орынбасары лаўазымына Жүзбаев Бахтияр Ерганиевич тайынланған.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, Б.Жүзбаев усы тайынлаўға шекем Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының биринши орынбасары лаўазымында ислеп киятырған еди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.