Ҳәзирги ўақытта республикамыз аймағындағы дәрилеў цехларында 2022-жылдың зүрәәти ушын туқымлық шигитти тазалаў ҳәм дәрилеў жумыслары алып барылмақта.

«Кегейли-Шымбай Агрокластер» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине қараслы дәрилеў цехында Өзагроинспекцияның Қарақалпақстан Республикасы басқармасының тийисли инспекторлары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң қатнасыўында пресс-тур өткерилди.

Онда атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 12-июльдағы «Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы ҳаққында»ғы қарары тийкарында, инспекцияға аўыл хожалығы егинлери сортларының генетикалық тазалығы ҳәм туқымлық сапасы бойынша тараўда мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў бойынша исленип атырған жумысларды қадағалаў ўазыйпасы жукленген.

Республикамыз аймағында быйылғы жылдың зүрәәти ушын 86291 гектар майданға шигит егиў режелестирилип, бул майданлар ушын 4800 тонна туқымлық шигит таярлаў белгиленген.

– Бүгинги күнге келип, республикамыз аймағындағы пахта-тоқымашылық кластерлерге қараслы Беруний, Әмиўдәрья ҳәм Кегейли районларындағы дәрилеў цехларымызда туқымлық шигитти дәрилеў жумыслары алып барылмақта,-дейди басқарманың Аўыл хожалығы егинлери туқымлары жетистирилиўин ҳәм тәмийнатын қадағалаў бөлими бас инспекторы Ислам Бегжанов.

Усы районлардағы цехларға «Агросанаат комплексинде хызметлер көрсетиў орайы» мәмлекетлик унитар кәрханасы Қарақалпақстан Республикасы филиалы хызметкерлери шәртнама тийкарында бириктирилген. Олар цехлардағы шигитлердиң мәмлекетлик стандарт талаплары тийкарында тазаланып ҳәм дәриленип атырғанлығы бойынша ҳәр еки сааттан анализин алып бармақта.

Бүгинги күнде, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм оның районлық бөлимлери тәрепинен аўыл хожалығы тараўында исленип атырған жумыслардың нызам талаплары тийкарында алып барылыўы күнлик қадағалаўға алынған.

Илаж даўамында журналистлер өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги