Соӊғы жыллары Бозатаў районында қурылыс тараўында бир қатар тилге тийек етип айтарлықтай ири өзгерис ҳәм жаӊаланыўлар жүз бермекте.

Атап айтқанда, район орайында  «Boztex» текстил кәрханасы,  1000 орынлық орайлық стадион, 1000 орынлық Амфитеатр,  районлық қаржы, ғазнашылық ҳәм пенсия қорлары  бөлимлери имараты,  районлық бәнтликке көмеклесиў орайы, Мәмлекетлик хызметлер орайы , Өнерментлер аллеясы,  4 қабатлы 24 квартиралы турақ жай қурылысы, заманагөй саўда комплекси, «Халық банк»и  Кегейли филиалыныӊ хызметлер көрсетиў орайы, Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт комплекслериниӊ жаӊадан бой тиклеп ҳәм басқа да социаллық объектлерге капитал реконструкция ҳәм қурылыс оӊлаў жумысларыныӊ жүргизилиўи жоқарыда айтып өткен сөзлеримиздиӊ айқын дәлийли болып табылады.

Әсиресе, район сапластырылғаннан соӊ койкалары қысқарып қалған Бозатаў районлық медицина бирлеспеси имаратына жәми баҳасы 7299,5 млн сумлық реконструкция жумысларыныӊ алып барылыўы аймақ халқыныӊ шексиз қуўанышқа бөлениўине себеп болмақта.

-Емлеўханамызда қурылыс жумысларыныӊ жүргизилиўи, заманагөй медициналық әсбап-үскенелердиӊ алып келип орнатылыўы емлениўшилер ушын да, бул жерде ислеўшилер ушын да көплеген қолайлықларды жаратып берди,-дейди бизге туўыў бөлиминиӊ акушеркасы Ықлыйма Сапаева-Буныӊ ушын Президентимизге ҳәм республика ҳүкиметине, тараў басшыларына жәмәәтимиз қалаберсе, пүткил районымыз халқы атынан шексиз алғыс айтамыз. Мине, өзлеримизге жаратылып берилип атырған қолайлы шараятлардан нәтийжели пайдаланып, халықтыӊ саламатлығын қорғаў жолында аянбастан хызмет ете беремиз.

Ҳақыйқатында да, районда бой тиклеген жаӊа имаратларды аралап көрер екенбиз, ондағы жаратылған шараятларға кеўлимиз толды. Себеби, бул объектлердиӊ барлығы да халықтыӊ мүшкилин жеӊиллетиўде айрықша хызмет атқарады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы