Рио-де-Жанейро ҳәм Париж қалаларына 2016 ҳәм 2024-жылғы жазғы олимпиада ойынларын өткериў ҳуқықын қолға киргизиўде жәрдем берген Vero Communications агентлиги өз жумысын тоқтатты.

Бул қарар усы агентликтиң тийкарын салыўшы ҳәм баслығы Майк Лидиң 61 жасында қайтыс болғанынан үш жылға шамалас ўақыт өтип қабыл етилди, деп хабар тарқатты insidethegames.biz сайты.

Ли өзиниң Vero компаниясына 2012-жылғы Лондон олимпиадасында ҳәм паралимпия ойынларында басшылық етиў ҳуқықын қолға киргизгенинен кейин тийкар салған ҳәм оны спорт дүньясындағы стратегиялық байланыс компанияларынан бирине айландырған еди.

Британиялы Ли ҳәм оның компаниясы 2016-жылғы Рио-де-Жанейро, 2018-жылғы Пхёнчхан ҳәм 2024-жылғы Париж, сондай-ақ, 2018-жылы Буэнос-Айресте өткен жас өспиримлер олимпиадасын қолға киргизиўде табыслы қатнасқан.

2006-жылы дүзилген Vero, сондай-ақ, регби-жети ҳәм серфингте жеңиске ерисип, олимпиада бағдарламасында, президентлик ҳәм бренд жаратыў бойынша көплеген кампанияларда өз орнына ийе еди.

Оның кейинги қарыйдарлары арасында 2026-жылы АҚШ, Канада ҳәм Мексикада болып өтиўи күтилип атырған футбол бойынша жәҳән чемпионатына басшылық етиў ушын гүресип атырған Балтимор ҳәм 2030-жылғы Азия ойынларына даўагерлик еткен Ар-Риёд қалалары бар еди.

Т.Рўзиев. ӨзА