Өзбекстан Республикасы Президентиниң  2020-жыл  30-октябрьдеги «Саламат турмыс  тәризин кеңнен енгизиў ҳәм ғалаба спортты және де раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманына муўапық «саламат турмыс тәризи» платформасы шөлкемлестирилген еди.

Туризм ҳәм спорт министрлиги баспасөз хызметиниң хабарына бола, енди www.1hls.uz платформасында күнине 10 мың қәдем жүрген пуқараларды хошаметлеўдиң жаңа системасы енгизилмекте.

Платформа пайдаланыўшыларды және де көбирек хошаметлеў мақсетинде ҳәр ҳәптеде бир  100 миллион сум муғдарында ақшалай сыйлық ҳәм мың велосипед ойналады.

Ҳәр ҳәптеде жеңимпазлар «Sport» телеканалында жанлы эфирде күтилмегенде тосыннан таңлап алыў механизми арқалы анықланады.

Ашық-айдынлық ҳәм қалыслықты тәмийинлеў масқетинде жәмийетшилик белсендилери , ИТ -қәнигелери, журналист, ҳуқықтаныўшы ҳәм блогерлерден ибарат жәмийетлик қадағалаў кеңеси шөлкемлестирилди ҳәм барлық процесслер үстинен қатаң қадағалаў алып барылады.

Еслетип өтемиз, жаңа хошаметлеў системасы  иске қосылғаны мүнәсибети менен 2022-жыл 16-январьдан баслап күнине 10 мың қәдем жүргенлерге  3 мың сум бериў тоқтатылады. Бирақ 15-январьға шекем 1hls.uz платформасында  10 мың қәдем жүрген пуқараларға  пуллар толық төлеп бериледи.

 

ӨзА