Президентимиздиң тапсырмасы тийкарында республикамызда  мәҳәллелерди абат етиў, суў, жол, электр энергиясы тәмийнатын жақсылаў, мектеп, балалар бақшасы  ҳәм медициналық пунктлерди қурыў ҳәм қайта оңлаў ушын ҳәр бир мәҳәллеге ажыратлыған 500 млн сум қаржы халықтың абадан турмысын тәмийинлеўге жумсалмақта.

Усы тийкарда Тахтакөпир районы «Тахтакөпир» посёлкалық пуқаралар жыйыны аймағындағы А.Адилов  ҳәм «Дәўир» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы «Турымбай шығанақ» көшелерине  асфальт жайыў ушын таярлық  жумыслары алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги