Орайлық банк басқармасы, инфляцияныӊ жаӊаланған прогноз коридорыныӊ жоқары шегараларына салыстырмалы ҳәм әмелдеги пул-кредит шараятлары салыстырмалы қатаӊ фазада қәлиплескенин инабатқа алып, тийкарғы ставканы жыллық 14 процент дәрежесинде өзгериссиз сақлап қалыў ҳаққында қарар қабыл етти, деп мәлимлеме береди хабар.уз
Атап өтилиўинше, улыўмалық инфляция жыл басынан төменлеўде даўам етип, март айында жыллық 8 процентти қурады. Онда, азық-аўқат товарлары инфляциясында сезилерли төменлеў бақланды. Сыртқы азық-аўқат базарларындағы баҳалар динамикасы импорт инфляциясына пәсейтиўши тәсир көрсетти.
Экономикада жоқары талаптыӊ сақланып қалып атырғаны менен айырым тәртипке салынатуғын баҳалар ҳәм тарифлердиӊ арттырылыўы шараятында хызметлер инфляциясы соӊғы айлар даўамында турақлы өсип бармақта.
Базалық инфляция сезилерли төменлеп, март айында жыллық 7,6 процент ҳәм жыл басынан улыўмалық инфляция дәрежесинен төменирек қәлиплести.
Базалық ифляцияныӊ турақлы төменлеў траекториясында қалыўы бойынша исенимли күтилмелер қәлиплесип, жыл жуўмағында 7-8 процент әтипарында болыўы прогноз етилмекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги