Өзбекстан Республикасы Президенти, Қураллы Күшлер Жоқары Бас Сәркардасы Шавкат Мирзиёевтиӊ басшылығында 12-январь күни Қәўипсизлик кеӊесиниӊ Қураллы Күшлер ҳәм әскерий-ҳәкимшилик секторларыныӊ 2023-жылдағы жумысыныӊ жуўмақларын ҳәм жақын перспективаға мөлшерленген ўазыйпаларды додалаўға бағышланған кеӊейтилген мәжилиси болып өткен еди.

Қәўипсизлик кеӊеси ағзалары, Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери қурамына киретуғын министрлик ҳәм уйымлардыӊ басшылары, округлердиӊ сәркардалары, әскерий-ҳәкимшилик секторларыныӊ басшылары – Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеӊесиниӊ Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери, жәмийетлик шөлкемлердиӊ ўәкиллери қатнасқан бул мәжилисте мәмлекетимиз басшысы елимиздиӊ қорғаныў қәбилетин және де беккемлеў ҳәм Қураллы Күшлерди раўажландырыў бойынша 2023-жылы әмелге асырылған жумыслардыӊ нәтийжелерин таллады.

Сондай-ақ, мәжилисте министрлик ҳәм уйымлар, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларыныӊ бул бағдардағы жумысы сын көзқарастан көрип шығылып, жуўапкер басшылардыӊ есабатлары тыӊланды.

Глобалласыў процесслери ҳәм адамлар, әсиресе, жас әўладтыӊ қәлби ҳәм санасы ушын гүрес күшейип баратырған ҳәзирги оғада қурамалы шараятта әскерий-ўатан сүйиўшилик руўхындағы тәрбияныӊ орны ҳәм әҳмийети барған сайын артып баратырғаны айрықша атап өтилди.

– Бүгинги күнде ҳәр биримиз әмелде Ўатан қорғаўшысы болыўымыз, жасларымызды да усы руўхта тәрбиялаўымыз зәрүр, – деген еди Президентимиз усы өткерилген мәжилистеги сөзинде.

Усы мүнәсибет пенен мәмлекетимиз басшысы жасларды әскерий-ўатан сүйиўшилик руўхында тәрбиялаў системасын қайта көрип шығыў бойынша тийисли жуўапкерлерге анық тапсырмалар берди ҳәм Мәҳәллелерде жаслар менен ислесиў мәселелерин муўапықластырыў бойынша республикалық комиссияның 2024-жыл 29-январьдағы «Ҳуқық-қорғаў ҳәм қорғаныў уйымлары тәрепинен 2024-жылы аталыққа алыў ҳәм олар менен мәнзилли ислесиў ҳаққында»ғы мәжилис протоколы дүзилип, бул бойынша ўазыйпалар белгиленген еди.

Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы тәрепинен усы протокол шеңберинде белгиленген тапсырмалар бойынша режелер белгиленди.

Өткерилген хатлаў нәтийжесинде, республикамыз бойынша прокуратура уйымларына бириктирилген 59 мәҳәлледеги 23340 жаслар дизимге алынды. Атап айтқанда, жаслардың машқалалары жуўапкерлер тәрепинен үйренилгенде, оларда 851 социаллық-экономикалық машқалалардың барлығы анықланды ҳәм 278си унамлы тәрепке шешилди. Соннан 106сы ның бәнтлиги тәмийинленип, 56 сы кәсип-өнерге оқытылды. 14ине 151 млн сум муғдарында кредитлер, 15сине жер, 28ине 53,5 млн сум муғдарында материаллық жәрдемлер көрсетилди.

Мәселен, Елликқала районында өткерилген «Прокурор ҳәм жаслар» атамасындағы ушырасыўда 6 жастың бәнтлиги тәмийинленди.

Сондай-ақ, аймақлық прокурорлар тәрепинен 276 мәрте «Ўатансүйиўшилик руўхын»дағы илажлар өткерилип, оларға 9891 жаслар тартылды. Соның ишинде, атап айтатуғын болсақ, Кегейли районы прокурорының басламасы менен 16-30 аралығындағы жаслар арасында спорттың жеңил атлетика ҳәм стол тенниси түринен жарыслар өткерилди.

Төрткүл районы прокурорының басламасы менен болса, 2-сектордағы жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў ушын мәденият сарайы имаратында мийнет ярмаркасы шөлкемлестирилди.

Буннан тысқары, қала ҳәм районлық прокурорлар тәрепинен ҳуқықый үгит-нәсият бағдарында 169 ушырасыўлар өткерилип, оларға 2208 жас қатнасты.

Солардан бириктирилген жаслар менен өткерилген илажлар ҳәм әмелге асырылған ислер бойынша прокуратура уйымлары тәрепинен 53 мәрте ғалаба хабар қуралларында материаллар жәрияланды.

Усылар менен бир қатарда, Қарақалпақстан Республикасы Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги менен биргеликте спорттың 8 түри бойынша жарыслар шөлкемлестирилип, оларға 916 жас спорт жарысларына тартылды.  Сондай-ақ,   Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен биргеликте прокурорлар секторларындағы аталыққа алынған, 609 жас медициналық тексериўден өткерилди.

Соның менен бирге, Мәмлекетимиз басшысы усы бағдардағы илажларды кеӊейтип, жасларды заманагөй кәсиплерге оқытыў ҳәм жумыс баслаўы ушын субсидиялар арқалы қоллап-қуўатлаў зәрүрлигин атап өтип, сондай-ақ, жаслардыӊ пуқаралық позициясын беккемлеў мақсетинде медиа мәканда алып барылып атырған әскерий-ўатан сүйиўшилик руўхындағы жумысларды күшейтиў ўазыйпасы қойылды.

Усыларды инабатқа алып, Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы тәрепинен бул бағдардағы жумыслар республикамызда еле даўам ете береди. Жаслар елимиздиң ертеңги айдын келешеги. Олардың ҳәр тәреплеме жетилискен кәмил инсанлар етип жетилистириў бүгин елимиз алдында турған әҳмийетли ўазыйпа болып табылады.

Дәўлетбай Елмуратов,

Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасының бөлим баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги