Өзбекстанда 16-январь күни коронавирус пенен наўқасланыў рекорд дәрежеге жетти.

Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң хабар бериўинше, 16-январьда коронавирус инфекциясы анықланғанлар 1037 адамды қураған болып, улыўма наўқасланғанлар 206 мың 122 адамға жеткен. Соннан Қарақалпақстанда өткен күни 39 адамда «COVID-19» инфекциясы анықланған.

«Дурыс, вирустың жаңа штаммының алдынғы мутацияларға салыстырғанда жуғыў дәрежеси бирқанша жоқары, бирақ оған шатылған наўқасларда кеселлик жеңил дәрежеде, тийкарынан респиратор белгилери менен өтпекте. Сонлықтан, ўатанласларымыздан артықша ҳаўлықпаға берилмей, карантин қағыйдаларына қатаң әмел етип, коронавирусқа қарсы толық вакцина алыўды сораймыз», – деп қосымша еткен Өзбекстан Денсаўлықты сақлаў министрлиги.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.