Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң 13-январьдағы пәрманына муўапық, мәмлекетимиз Қураллы Күшлери дүзилгениниң 30 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен әскерий хызметкерлер ҳәм ҳуқықты қорғаў уйымларының бир топар хызметкерлери  әскерий атақлар, орден ҳәм медальлар менен сыйлықланды.

14-январь күни Президент Администрациясында усы жоқары сыйлықларды тапсырыў мәресими болды.

Мәмлекетимиз басшысы, Қураллы Күшлер Жоқарғы Бас Сәркардасы барлық әскерий  хызметкерлерди ҳәм тараў ветеранларын усы даңқлы сәне менен қутлықлады.

-Ғәрезсизилигимиздиң 30 жыллығында Қураллы Күшлеримиз дүзилип, пидайы әскерлер, офицер ҳәм генераллар жетистирип, зәрүр қураллар  менен тәмийинленип, бүгин мине усындай жетик армияға айланды. Бул жанажан Ўатанымыздағы тынышлық, турақлылық, халқымыздың тыныш жасаўына тийкар болмақта, – деди Шавкат Мирзиёев.

Соңғы жылларда қорғаныў системасының жаўынгерлик потенциалын арттырыў бойынша оғада үлкен жумыслар исленди. Әскерий басқарыў системасы  дерлик жаңадан қурылды. Әскерий-ҳәкимшилик секторлар дүзилди. Армия түрлери арасында өз-ара бирге ислесиўди тәмийинлеў бойынша тәсиршең механизмлер жолға қойылды. Ең қыйын ўазыйпаларды да жеделлик пенен орынлаўға уқыплы болған бөлимлер шөлкемлестирилди. Әскерлердиң жаўынгерлик ҳәм руўхый таярлық дәрежеси артты.

Қураллы Күшлер Академиясы жаңадан дүзилген Әскерий-медициналық академиясы, «Темурбеклер мектеби» әскерий-академиялық лицейлер ҳәм басқа да қәнигелестирилген оқыў орынлары профессионал кадрлар таярлаў орайларына айланып бармақта . Жаслар арасында әскерий хызмекте қызығыў ҳәм умтылыў күшеймекте.

Ҳәр жылы Ўатан қорғаўшылары күни алдында Қәўипсизлик кеңеси мәжилиси өткерилип, тараўда орынланған жумыслар ҳәм гезектеги әҳмийетли ўазыйпалар додаланып барылмақта.

– Кешеги мәжилисте биз мүнәсип күш-қүдиретимизди буннан да беккемлеў, ҳәр бир бағдарда илимди раўажландырыў, кадрлар таярлаў бойынша үлкен режелер қабыл еттик. Дүньяда ҳәм регионымызда болып атырған  қәўетерли ўақыяларды терең таллап, халқымыздың тынышлығы, шегараларымыздың қолқатылмасызлығы бойынша қосымша илажлар көремиз. Биз тек өз күшимизге исенемиз,  – деди Жоқарғы Бас Сәркарда.

Ўатан қорғаўшылары билим ҳәм пазыйлетлери менен жасларға үлги болыўы керек екенлиги атап өтилди.

– Әскерий округлерге, әскерий-ҳәкимшилик секторларға мен қойған ең үлкен ўазыйпа – халық пенен армияның бирлигин тәмийинлеў, инсан қәдирин улығлаў ҳаққында болды. Бунда сизлер жетекши, ҳәр бир ҳәрекетиңиз бенен жасларға  үлги боласыз, деп исенемен, – деди мәмлекет басшысы.

Инсан қәдирин улығлаў принципи бул тараўда да белгили.  Әскерий хызметкерлер ушын мүнәсип хызмет ҳәм жасаў шараятлары жаратылмақта. Атап айтқанда, соңғы бес жылда  10 мыңға шамалас әскерий хызметкер жеңилликли кредитлер тийкарында турақ жай менен тәмийинленди. Олар хызмет мүддетин өтеп болғанынан кейин жумыс ҳәм медициналық хызметлер менен тәмийинлениўи де итибарда.

Бүгин байрам мүнәсибети менен орынларда өткерилип атырған илажлар, ўатансүйиўшилерге тапсырылып атырған сыйлықлар да инсан қәдирин улуғлаўдың және бир үлгиси.

Мәресимде Президент Шавкат Мирзиёев атақ ҳаққындағы гүўалықларды, орден ҳәм медальларды салтанатлы түрде тапсырды. Ўатан қорғаўшыларына беккем денсаўлық, тапсырылған уллы ўазыйпаларды нәтийжели орынлаўда үлкен жетискенликлер тиледи.

– Тилекке қарсы, ҳәмме сыйлықланғанларды бул залға жыйнаўдың илажы жоқ. Бирақ барлық сыйлықланғанларды, бүгин келе алмағанларды мәмлекетимиздиң жоқары атақлары, орден ҳәм медальлары менен шын жүректен қутлықлайман. Сыйлық бул – итибар, халқымыздың исеними, тымсалы. Бул сизлерге руўх, күш-ғайрат бағышлап, жаңа жетискенликлерге шақырыўы керек. Мәрт қорғаўшылары бар халықтың ертеңги күнге исеними беккем, мақтанышы жоқары болады, – деди  Президент.

Шығып сөйлегенлер жоқары сыйлық ҳәм турақлы итибар ушын мәмлекетимиз  басшысына миннетдаршылық билдирди.

ӨзА