Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 15-январь күни мәҳәлле кесиминде ислесиўдиң жаңа системасын жолға қойыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша 2022-жылдағы тийкарғы ўазыйпаларға бағышланған видеоселектор мәжилиси болып өтти.

Жедел реформалар, исбилерменликти раўажландырыў ҳәм мәҳәлле кесиминде ислесиў нәтийжесинде өткен жылы мәмлекетимизде жалпы ишки өним 7,4 процентке өсти. Аймақларда 100 мың жаңа исбилермен жумыс баслады. Өзин-өзи бәнт еткенлер саны 700 мыңға көбейип, 1,2 миллионға жетти.

– 2022-жылды Инсан қәдирин улығлаў ҳәм белсенди мәҳәлле жылы, деп жәриялаған едик. Соның ушын быйыл барлық мәҳәллелерде түпкиликли өзгерислер болыўы керек,-деди мәмлекетимиз басшысы.

Жаңа жылдан 9 мың 309 «ҳәким жәрдемшилери» жумыс баслады. Бул системаға жуўапкер болған Мәҳәлле кесиминде ислесиў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў агентлигиниң жумысы шөлкемлестирилип, барлық мәселелер шешип берилди.

Мәжилисте мәҳәлле кесиминде ислесиў системасын шөлкемлестириў ушын әмелге асырылыўы зәрүр болған гезектеги илажлар додаланды.

Атап айтқанда, жуўапкерлер мәҳәлледе ҳәким жәрдемшилериниң жумысын шөлкемлестирип, кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм исбилерменликти раўажландырыўға жеке жуўапкер болатуғыны көрсетип өтилди.

Ҳәким жәрдемшилери «темир», «ҳаял-қызлар» ҳәм «жаслар» дәптерлери шеңберинде өз мәҳәллелеринде үйрениўлер өткерип, социаллық реестрди қайтадан жаңалаўы зәрүр екенлиги атап өтилди.

Онда, бәринен бурын, жумыс ислеў имканияты ҳәм тилеўи бар, бирақ шараяты аўыр шаңарақларды оқытыў ҳәм өз жумысын баслаўы ушын жеңиллетилген кредит, субсидия ямаса дийқан хожалығы ушын оларға жер майданларын ажыратыў жолға қойылады.

– Халықты оқытыў ҳәм исбилерменликке тартыўға үлкен көлемде кредит ҳәм субсидиялар ажыратылмақта. Бирақ, орынларда айырым адамлар олардан хабарсыз десек, бул да ҳақыйқат,-деди Президент. – Соның ушын ҳәким жәрдемшилери халық пенен ҳәр күни ислесип, оларға шараятларды жеткериўи, исбилерменликке ҳәм дийқаншылыққа үйретиў арқалы кәмбағаллықтан шығарыўы керек.

Бул мақсетлер ушын усы жылы 10 триллион сум жеңиллетилген кредит ҳәм 2,5 триллион сум субсидия (ҳәр бир мәҳәллеге орташа 1,3 миллиард сум) ажыратылатуғыны мәлим етилди.

Бул бойынша мәҳәлледе исбилерменликти ҳәм дийқаншылықты раўажландырыў ушын шаңарақларды зәрүр әсбап-үскенелер ҳәм жумыс қураллары менен тәмийинлеўге айрықша итибар қаратыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Быйыл дийқаншылық ушын ажыратылып атырған 80 мың гектар егислик майданы да биринши гезекте жоқарыда атап өтилген категориядағы шаңарақларға бериледи. Бул арқалы 500 мың халықты турақлы дәрамат дәреги менен тәмийинлеў мүмкин.

Жуўапкерлердиң алдына егислик жерлерди ажыратыў жумысларын сын көзқарастан додалап барыў, халықты қусшылық, қой-ешкишилик, қояншылық, балықшылық, пал ҳәррешилик пенен бәнт етиў ушын жетекши исбилерменлерди тартыў, имканиятларды үйренип, исбилерменлердиң қатнасыўында мәҳәллелерди инкубатор менен тәмийинлеў, жетистирилген аўыл хожалығы өнимлерин кепилликли сатып алыў системасын шөлкемлестириў ўазыйпасы қойылды.

– Бир нәрсени ҳәмме анық түсинип алыўы зәрүр. Ҳәким жәрдемшилери – Президенттиң мәҳәлледеги ўәкиллери болып есапланады. Олардың тийкарғы ўазыйпасы – өз мәҳәллесинде исбилерменликти раўажландырыў, жумыс орнын жаратыў, кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм шаңарақлардың дәраматын көбейтиўден ибарат.

Оның ушын ҳәким жәрдемшилери ҳәр қандай бюрократиядан жырақ болыўы, ҳеш бир ҳәким ямаса басшы оларды мәжилслерге шақырмаўы, ҳәр қыйлы есабатлар менен «көмип тасламаўы» зәрүр. Олар ушын тек ғана шараят жаратып бериўи керек,-деди Шавкат Мирзиёев.

Мәжилисте халық мүрәжатлары арқалы орынлардағы жағдай үйренилип, мәҳәллелердиң келбетин ҳәм социаллық орталықты жақсылаўға айрықша итибар қаратыў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.

Бул жумыслар, бәринен бурын, экономикалық ҳәм социаллық жағдайы салыстырмалы аўыр болған мәҳәллелерден басланады.

Сол мүнәсибет пенен бул мәҳәллелерде инфраструктураны жақсылаў, ишимлик суўы тармақларын, бақша, мектеп, медицина мәкемелери, мәденият орайларын оңлаў ҳәм қурыў, бир сөз бенен айтқанда, адамларды разы етиўге тийкарғы әҳмийет бериў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Мәжилисте тармақлар ҳәм аймақлар басшылары жаңаша системада ислесиў бойынша режелерин билдирди.

 

ӨзА