Усы жылдың 15-16-январь күнлери республикамыз аймағына Түркменстан арқалы Иран аймақларынан қурғақ ҳәм ығал ҳаўа массалары, Волгабойы аймақларынан суўық ҳаўа массалары кирип келиўи күтилмекте. Бул ҳаққында «Қарақалпақгидромет» хабар берди.

15-16-январьда республикамыз аймағында самалдың тезлиги күшейип, 17-22 м/с қа жетиўи күтилмекте.

15-18-январь күнлери республикамыз аймағында ўақты-ўақты менен жаўын жаўады, айырым жерлерде жаўын қарға айланыўы күтиледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.