Президент Шавкат Мирзиёев 13-январь күни Өзбекстан Республикасы қорғаныўды басқарыў миллий орайына барды.

Қорғаныў министрлигинде қурылған бул орай әскерлерди басқарыўдың ең заманагөй түрлерин жәмлеген, барлық күш структураларының жумысын муўапықлыстырып барыўға қәнигелескен. Комплекс жоқары технологиялық имканиятлары менен елимиздиң ҳаўа шегараларын,  оқыў мәкемелери ҳәм полигонлардағы шынығыўлар процесин реал ўақытта бақлаў, бөлимлердиң ҳәрекетин транк байланыс арқалы қадағалаўды тәмийинлейди.

Сондай-ақ, тараўда әмелге асырылып атырған реформалар, онда әскерий-ҳәкимшилик секторлардың қатнасыўы, әскерлердиң күнделикли ҳәм жаўынгерлик ислери бойынша мағлыўматлар топланып, системалы мониторинг алып барылады.

Жоқарғы Бас Сәркарда бул орайда жаратылған шараятлар ҳәм техникалық имканиятлар менен танысты.

Жуўапкерлерге оның жумысын нәтийжели  жолға қойыў, қорғаныў системасына жеделлик пенен интеграциялаў бойынша көрсетпелер берди.

– Бул орай мәмлекетимиздиң әскерий қәўипсизлигин тәмийинлеўде таяныш структураға айланыўы зәрүр. Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў  министрлиги менен биргеликте орай ушын программалық-аппарат комплексин ислеп шығыў керек, – деди Шавкат Мирзиёев.

Соң Қорғаныўды басқарыў миллий орайында Өзбекстан Республикасы Президенти, Қураллы Күшлер Жоқарғы Бас Сәркардасы Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Қәўипсизлик кеңесиниң кеңейтилген мәжилиси болып өтти.

Илажда Қәўипсизлик кеңесиниң ағзалары, Қураллы Күшлеримиздиң сәркардалық қурамы, әскерий-ҳәкимшилик секторлардың басшылары, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты.

Ҳәр жылы Ўатан қорғаўшылары күни алдында бундай мәжилис өткериў жақсы  дәстүрге айланды. Быйыл болса Өзбекстан Қураллы Күшлери дүзилгениниң даңқлы 30 жыллығы белгиленбекте. Мәмлекетимиз басшысы  мәжилис басында усы қутлы байрам менен барлық әскерий хызметкерлер ҳәм тараў ветеранларын қутлықлады.

Мәжилисте Қураллы Күшлер системасы ҳәм әскерий-ҳәкимшилик секторлардың 2021-жылғы жумысы талланып, гезектеги тийкарғы ўазыйпалар белгиленди.

Соңғы бес жылда әскерий қурылыстың барлық бағдарларында әмелге асырылған коплексли илажлар нәтийжесинде миллий армиямыздың  келбети де, әскерлердиң таярлық дәрежеси де өзгерди. Әскерий бөлим ҳәм полигонлардағы инфраструктура, әскер ҳәм офицерлердиң шараятлары жақсыланды. 2021-жылы халықаралық армия ойынларында әскерлеримиз мақтанышлы екинши орынды ийелегени де тараўдағы раўажланыў нәтийжеси болып есапланады.

Бул жумыслар избе-из даўам еттирилип, жаўынгерлик бөлимлердиң имканиятлары кеңейтилмекте. Мәмлекет шегараларының қәўипсизлигин тәмийинлеўдиң жаңа системасы әмелиятқа енгизилмекте.

Мәмлекетимиз басшысы мәжилисте бәринен бурын кадрлар таярлаў, алдынғы усылларды оптималластырыў мәселелерине итибар қаратты. Әскерий оқытыўшылардың маманлығын арттырыў, Қураллы Күшлер  Академиясын әскерий илим орайына айландырыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Жақында жумыс баслаған Әскерий мийрас ҳәм заманагөй изертлеўлер институтын әскерий билимлендириў ҳәм илимий  жумыс системасына нәтийжели интеграциялаў  тапсырмасы берилди.

Қураллы Күшлерди заманагөй қурал-жарақ ҳәм әскерий  техника менен тәмийинлеў, барларын модернизациялаў да әскерий қурылыс тараўындағы ең тийкарғы ўазыйпалардан болып қалады.

Бул  мақсетлер ҳәм заманагөй қәўип-қәтерлерден келип шығып, 2022-2026-жылларда Қураллы Күшлерди және де раўажландырыў бойынша концептуаллық бағдарлама  қабыл етиў ўазыйпасы қойылды.

Қураллы Күшлер Бас штабы жумысын сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыў, ҳаўа ҳүжиминен қорғаныў системасын күшейтиў бойынша көрсетпелер берилди.

Жәҳән мәлимлеме тараўында кескин гүрес кетип атырған ҳәзирги жағдайда мәлимлеме қәўипсизлигин тәмийинлеў, жасларды жат идеялардан қорғаў, әскерий  хызметкерлердиң психологиялық таярлығы ҳәм жаўынгерлик руўхын беккемлеў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Сәркардалық қурамы заманагөй операцияларды  режелестириў, әскерлерди ақылға уғрас басқарыў, бар күш ҳәм қуралларды  нәтийжели қолланыў бойынша тәжирийбесин арттырыў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.

Басшылық ҳәм сәркардалық лаўазымларына перспективалы кадрлар резервин жаратыў, оларды бул лаўазымларға басқышпа-басқыш таярлаў және таңлаў тийкарында  тайынлаў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Жаўынгерлик ҳәрекетлер динамикасы артып баратырған ҳәм жаңа усыллар пайда болып атырған ҳәзирги шараятта табыс, көпшилик жағдайда, командир-сержант басқаратуғын киши бөлимлер ҳәрекетине  байланыслы. Сонлықтан Қураллы Күшлер ушын сержант-инструктор таярлаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў ўазыйпасы қойылды.

Халықтың мүрәжатларын унамлы шешиў, орынларда социаллық, инженерлик ҳәм коммуникация инфраструктурасын жақсылаў, базарлардың толық екенлиги ҳәм баҳаның турақлылығын тәмийинлеў бойынша тапсырмалар  берилди.

– Халқымыздың қәўипсизлиги, тынышлығын сақлаў бүгин де, келешекте де ең тийкарғы ўазыйпамыз болып қалады. Себеби, тек ғана тынышлық мәмлекетимиз ҳәр тәреплеме раўажланыўының тийкарғы кепиллиги болып есапланады. Жаңа – 2022-жыл ҳәмме тараўда, соның ишинде, Қураллы Күшлер системасында да шешиўши жыл болыўы шәрт, – деди Президент.

Мәжилисте Қәўипсизлик кеңесиниң ағзалары, әскерий-ҳәкимшилик секторлардың басшылары  шығып сөйледи. Мәмлекетимиздиң қорғаныў қәбилетин және де беккемлеў бойынша илажлар белгиленди.

ӨзА