Ҳүрметли әскер ҳәм сержантлар, офицер ҳәм генераллар!

Қураллы Күшлеримиз хызметкерлери ҳәм ветеранлары!

Қәдирли ўатанласлар!

Бәринен бурын, өз өмирин ана жеримизди қорғаўдай уллы ҳәм жоқары мәртебели  жумысқа бағышлаған сиз, әзизлерди, сизлердиң тымсалыңызда көп миллетли пүткил халқымызды Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 30 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни менен шын кеўлимнен қызғын қутлықлайман.

Мине усы қутлы әййямда жанажан Ўатанымызға садықлық, күш-ғайрат сыяқлы халқымызға тән жоқары пазыйлетлердиң қәдир-қымбаты ҳәм әҳмийетин, олардың өмиримизде барған сайын беккем орын ийелеп атырғанын және де терең түсинемиз ҳәм өзиниң жаўынгерлик ислери менен буны әмелде дәлиллеп киятырған сиздей оғада уллы мәртебели кәсип ийелерин алғыслаймыз.

Соның менен бирге, жаўынгерлик миннетин атқарыўда мәртлерше қайтыс болған пидайы әскерий хызметкерлеримиздиң нурлы ҳәм өлмес естелигине терең ҳүрмет көрсетемиз.

Әзиз дослар!

Ғәрезсизлик дәўиринде Өзбекстан армиясы оғада қыйын ҳәм мақтанышлы жолды басып өтти. Жас мәмлекетимиздиң оғада аўыр қәлиплесиў жылларында мине, усы Қураллы Күшлеримиз мәмлекетимиз ғәрезсизлиги, халқымыздың тыныш турмысы ҳәм абаданлығын тәмийинлеў, демократиялық реформаларды табыслы әмелге асырыўдың исенимли кепили болып хызмет еткенин бәршемиз жақсы билемиз ҳәм жоқары қәдирлеймиз.

Кейинги жыллары әмелге асырған түпкиликли реформаларымыз себепли тарийхый қысқа дәўирде Өзбекстан Республикасы сувиренитети ҳәм аймақлық пүтинлигин, шегараларамыздың қол қатылмаслығын исенимли қорғай алатуғын, оператив ҳәм ықшам миллий армияны дүзиўге ериспектемиз.

Әне, усындай уллы тарийхый процессте халқымыздың әскерий тараўдағы бай мийрасына сүйенип, Жалалиддин Мангуберди, Саҳыпқыран Әмир Темур, Заҳириддин Муҳаммед Бабур сыяқлы уллы сәркарда бабаларымыздың жаўынгерлик дәстүрлерин мүнәсип даўам еттирип киятырған, физикалық ҳәм руўхый жетик, заманагөй билим, қурал-жарақ ҳәм техникаларды пуқта ийелеген, мәмлекет ҳәм халық мәплери ушын ҳәр қандай сынақлар менен машақатларды жеңип өтиўге таяр болған әскерлеримиздиң бәрқулла белсене қатнасып киятырғаны ҳәр қандай жоқары ҳүрметке мүнәсип болып табылады.

Усы мәнистен алып қарағанда, муқаддес антына ҳәмийше садық, ел-халықты қорғаў жолында күшли қалқан болған мәрт ҳәм батыр әскерлеримиз Өзбекстанның ҳақыйқый ўатансүйгиш баҳадырлары, десек, шын ҳақыйқатты айтқан боламыз.

Халқымыз өзиниң сизлердей батыр ҳәм дәўжүрек перзентлери – Ўатанымыздың ҳақыйқый қорғаўшылары менен ҳақылы түрде мақтанады.

Ҳүрметли ўатанласлар!

Кейинги жыллары «Халық ҳәм армия – бир тән, бир жан» деген ийгиликли принцип тийкарында үлкен жумыслар әмелге асырылмақта. Ҳәзирги күнде пуқараларымыз армияның ҳәр тәреплеме жәрдеми ҳәм көмегин турмыстың барлық тараўларында әмелде сезинбекте. Әсиресе, қурамалы сынақ дәўири болған пандемия ўақтында ҳәм айрықша жағдайлардың ақыбетлерин сапластырыўда, биз ушын ҳеш нәрсе менен өлшеп, теңлестирип болмайтуғын бийбаҳа байлық – тынышлық ҳәм татыўлықты сақлаў ҳәм қорғаўда бул аўызбиршилик және де анық көринбекте.

Ҳәзирги ўақытта пүткил жәмийетимизде, соның ишинде, Қураллы Күшлеримиз системасында әмелге асырылып атырған түпкиликли реформаларда «Инсан қәдири ушын» деген әҳмийетли принцип орайлық орынға қойылып атырғаны сизлерге жақсы белгили. Сол тийкарда миллий армиямыз қатарларында хызмет етип атырған барлық әскерлер, ҳүрметли ветеранларымыздың Ўатан ҳәм халық алдындағы хызметлерин мүнәсип қәдирлеў, оларды материаллық ҳәм руўхый хошаметлеў, күнделикли турмыстағы машқалаларын шешиўге жәрдемлесиў, олардың шаңарағы ҳәм перзентлерин социаллық қорғаў бағдарындағы жумысларымыз жылдан-жылға жаңа басқышқа көтерилмекте.

Әлбетте, тумысымыздың барлық тараўларын қамтып алып атырған бундай жедел өзгерислер елимизде әскерий хызметтиң абырай-мәртебеси, армия ҳәм халықтың бирлиги жаңаша мазмунға ийе болып, жасларымыздың кеўлинде армиямыз бенен мақтаныў туйғысы, Ўатан қорғаўшысындай уллы мәртебели кәсипке ҳүрмет-иззет сезимин және де күшейтиўге хызмет етпекте.

Әзиз ўатанласлар!

Бүгинги глобалласыў ҳәм кескин бәсеки дәўири, дүньяның ҳәр қыйлы жерлеринде, соның ишинде, регионымызда жүз берип атырған тартыс ҳәм қарама-қарсылықлар, жаңа қәўип-қәтерлер алдымызға кешиктирип болмайтуғын әҳмийетли мәселелерди қоймақта. Мине, усындай оғада жуўапкершиликли жағдайда мәмлекетимизде тынышлық ҳәм татыўлықты, пуқаралардың конституциялық ҳуқықлары менен еркинликлерин кепиллеў және қорғаўда Қураллы Күшлеримиз, қәўипсизлик ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларының орны ҳәм әҳмийети барған сайын артып бармақта. Бул ҳақыйқатты есапқа алған ҳалда, елимиздиң қорғаныў потенциалын және де беккемлеў ҳәм Қураллы Күшлеримиздиң қүдиретин арттырыў Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясының тийкарғы бағдарларынан бири етип белгиленди. Бул ўазыйпаларды әмелге асырыўда Қураллы Күшлеримиз сәркардалық қурамы орынлардағы ҳәкимият уйымлары ҳәм халқымыз бенен бирге бир жағадан бас шығарып ҳәрекет етиўи керек.

Әскерий хызметкерлер, әсиресе, сәркардалар қурамының профессионаллық таярлығын арттырыў миллий армияны және де раўажландырыўдың ең әҳмийетли шәрти болып қалмақта. Бул бағдарда Қураллы Күшлер Бас штабы ҳәм әскерий округлердиң басқарыў аппаратлары офицерлерин, бригада командирлери ҳәм олардың орынбасарларын оқытыў бойынша Қураллы Күшлер академиясында енгизилген жаңа системаның жоқары нәтийжелилигин тәмийинлеў – әҳмийетли ўазыйпа болып есапланады.

Усы мүнәсибет пенен әскерий билимлендириў ҳәм илим системасында басланған реформаларды избе-из әмелге асырыў, тараў ушын кадрлар таярлаўда теория ҳәм әмелиятты имканият болғанынша жақынластырыўға айрықша итибар қаратыў зәрүр.

Миллий армиямызды заманагөй қурал-жарақ ҳәм әскерий техникалар менен тәмийинлеў бойынша комплексли бағдарламаларды таярлаўда ҳәзирги күнде дүньяның ҳәр қыйлы регионларында көзге тасланып атырған әскерий келиспеўшиликлердиң қәсийетлерин, армияны және де раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын есапқа алыў мақсетке муўапық. Бул бойынша ең зәрүр қурал-жарақ ҳәм әсбап-үскенелерди сатып алыў, оларды жаңа жаўынгерлик системалар менен биргеликте қолланыў ҳәм жетилистирип барыў итибарымыз орайында болыўы зәрүр. Жәҳән информация мәканында кескин гүрес болып атырған ҳәзирги жағдайда әҳмийетли объектлерден информациялық қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша комплексли илажларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў да дәўир талабы болып есапланады.

Әскерий хызметкерлердиң жаўынгерлик кейпияты, интеллектуаллық потенциалын жоқарылатыў, халық, биринши гезекте, жасларды әскерий-ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, әскерий хызметкерлер, олардың шаңарақ ағзалары, Қураллы Күшлеримиз ветеранларын социаллық ҳәм ҳуқықый жақтан күшейтиў бағдарындағы жумысларымызды буннан былай да избе-из даўам еттиремиз.

Ҳүрметли әскер ҳәм сержантлар, офицер ҳәм генераллар,

Қураллы Күшлеримиз хызметкерлери ҳәм ветеранлары!

Бул қутлы әййямда пидайы хызметлериңизди айрықша атап өтип, сизлердиң жедел ҳәрекетлериңиз бенен Өзбекстан армиясы избе-из раўажланып баратырғанын, оның жаўынгерлик қәбилети артып, қорғаныў қүдиретимиз беккемленип атырғаны, халқымыздың тыныш турмысының тәмийинленип атырғанын және бир мәрте жоқары мақтаныш пенен атап өтемиз.

Пурсаттан пайдаланып, мине усындай нәтийжели хызметлериңиз ушын сизлерге, әзиз топырағымызды көздиң қарашығындай қәстерлеп сақлаў жолында уллы мәртебели ҳәм жуўапкершиликли миннетин мүнәсип орынлап атырған барлық мәрт әскерлеримизге, олардың ата-аналары ҳәм шаңарақ ағзаларына шын кеўилден миннетдаршылық билдиремен.

Барлығыңызды Өзбекстан Қураллы Күшлери дүзилгениниң даңқлы 30 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни менен және бир мәрте қызғын қутлықлайман.

Сизлерге беккем денсаўлық, шаңарақлық бахыт, тынышлық ҳәм абаданлық тилеймен.

Миллий армиямыз қатарларындағы мақтанышлы хызметиңизде жаңа табыслар ҳәм жетискенликлер яр болсын!

Күш-ғайратыңыз, мәртебеңиз және де арта берсин!

Жанажан Өзбекстанымызға садықлық пенен хызмет етиўден ҳеш қашан шаршамаң, мәрт ҳәм батыр Ўатан қорғаўшылары!

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекстан Республикасы Президенти,

Қураллы Күшлер Жоқары Бас Сәркардасы