Елимизде өткерилип атырған «Ўатансүйиўшилик айлығы» халық ҳәм армияның бирлигин беккемлеп, жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў ҳәм дүньяда миллий армиямыздың абырайын арттырыўға хызмет етип атырғаны әҳмийетли.

Усы илаж шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасының «Қарақалпақстан» темир жол шегара бажыхана посты хызметкерлери тәрепинен Нөкис қаласынан 430 километр узақлықта жайласқан Қоңырат районындағы 57-санлы улыўма билим бериў мектебинде «Халық ҳәм армия бир тән-бир жан!» сүрени астында руўхый-ағартыўшылық илажы өткерилди.

Илажда оқыўшы-жаслар Мәмлекетлик бажыхана хызмети уйымларының жумыслары ҳәм хызметкерлердиң жумыс бабында қолланатуғын қадағалаў техникалық қураллары менен жақыннан танысып, бажыханадағы жумыслар туўралы мағлыўматлар алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги