ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық кеңеси «Жаслар қанаты»ның басламасы менен Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгенлигиниң 30 жыллығы ҳәм 14-январь – Ўатан қорғаўшылар күни мүнәсибети менен Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында руўхыйағартыўшылық илажы өткерилди.

Илажда партияның Қарақалпақстан Республикалық кеңесиниң хызметкерлери, Аўғанстан урысы қатнасыўшылары, институттың студент-жаслары қатнасты.

Атап өтилгениндей, миллий армиямыздың күши ҳәм қүдирети жоқары дәрежедеги әскерий хызметкерлердиң, кеўли кең халқымыздың бирлигинде артып бармақта. Бул ҳақыйқатты бүгинги күнде ҳәр қашанғыдан да жақсы сезинемиз. Ўатанымыздың қәўипсизлиги, халқымыздың тынышлығы Қураллы Күшлеримиз тәрепинен тәмийинленбекте. Миллий армияда хызмет етиў пуқараларымыз ушын тек ғана әдиўли миннет болып қалмастан, соның менен бирге үлкен мақтанышқа да айланбақта.

Ушырасыўда бир қатар Аўғанстан урысының қатнасыўшыларына партия тәрепинен миннетдаршылық хатлар ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги