13-январь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти.

Сөйлесиўде мәмлекет басшылары Өзбекстан – Россия стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларының ҳәзирги жағдайы және перспективаларын додалады.

Жоқары дәрежеде өткен ушырасыўда ерисилген келисимлер табыслы әмелге асырылып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Түрли дәрежедеги делегациялардың өз-ара сапар етиўлери жеделлескен. 2021-жылдың жуўмақлары бойынша товар алмасыў көлеми 33 процентке артқан.

Аймақлараралық бағдарда, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да тараўлардағы қатнасықлар жедел раўажланбақта.

Тәреплер Өзбекстан Республикасы ҳәм Россия Федерациясы арасында дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанының 30 жыллығына бағышланған дүркин илажлар өткериў әҳмийетли екенин атап өтти.

Жақында Қазақстанда жүз берген ўақыялар көзқарасынан Орайлық Азиядағы жағдай бойынша да пикир алысылды.

Қазақстан басшысы тәрепинен бул мәмлекетте тынышлық ҳәм парахатшылықты тиклеў, жағдайды турақлыластырыў бағдарында көрилип атырған илажлар қоллап-қуўатланды.

Телефон арқалы сөйлесиў ҳәр қашанғыдай қызғын ҳәм дослық руўхында өтти.

 

ӨзА