«14 январ -Ўатан қорғаўшылар күни» ҳәм Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгенлигиниң 30 жыллығы байрамы мүнәсибети менен Нөкис районлық ХББға қараслы улыӯма орта билим бериӯ мектеплери директорларының Жасларды әскерий ўатансүйиӯшиликке таярлаӯ ислери бойынша орынбасарлары  Екинши жер жүзилик урыс жылларында тылда хызмет көрсеткен мийнет ветеранлары «Кердер» ҳәм  «Тақыркөл»  аӯыл пуқаралар жыйыны турғынлары Роман ата Турманов ҳәм Жумагүл апа Байниязованың ҳал-жағдайынан хабар алып, оларға өзлери алып келген байрам саўғаларын тапсырды.

-Быйыл 94 жасқа шығаман,- дейди мийнет ветераны Жумагүл Байниязова.-Өмиримше елимиздиң раӯажланыӯы ушын жумыс иследим. Перзентлерди тәрбиялап камалға келтирип, халық қатарына қостық. Алла-таалаға шүкиршилигим шексиз. Мине өзлериңиз көрип турғаныңыздай олардың ғамқорлығының арқасында усы теберик жасқа шығып отырман. Район ҳәкимлиги ҳәм усы елаттағы басшылар байрамларда ҳалымнан хабар алып қутлықлайды, өзлериниң саӯғаларын берип кетеди. Буның ушын оларға үлкен рахметлер айтаман. Илайым елимизде парахатшылық, усындай байрамлар көп болсын!…

Шынында да усындай теберик инсанлардың аӯҳалынан хабар алыӯ, елимизде жасаӯшы ҳәр бир пуқараның әдиӯли ӯазыйпасы болыӯы лазым. Себеби, олардың бай турмыслық тәжирийбеси жас әӯлад ушын сабақ болыӯы тәбийғый.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыӯшысы