Қарақалпақстан Республикасы Министрлер  Кеңесиниң қарары

Өзбекстан Республикасы “Ҳайўанат дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў ҳаққында”ғы  ӨРН-408-санлы Нызамыныӊ 47-статяьсының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде  Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң 2021-жыл 15-октябрьдеги 01-02/18-12-2228-санлы усыныс хатын инабатқа алып, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси

ҚАРАР ЕТЕДИ:

  1. Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң 2021-жыл 15-октябрьдеги 01-02/18-12-2228-санлы усыныс хаты инабатқа алынсын.
  2. Қарақалпақстан Республикасы аймағында 2022-2023-жылларда қырғаўылларды аўлаў қадаған етилсин.
  3. Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети (А.Сапаров), Ишки ислер министрлиги (А.Темирханов) менен биргеликте қырғаўылларды нызамсыз түрде аўлаўға жол қоймаў жумысларын күшейтиў;

қырғаўылларды нызамсыз түрде аўлаўға жол қойған шахсларға әмелдеги нызамлар тийкарында ҳәм белгиленген тәртипте тийисли илажлар көриў тапсырылсын.

  1. Мәмлекетлик салық басқармасы (Х.Бекчанов), Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети (А.Сапаров), Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасы (Б.Қутлымуратов) район ҳәкимлери менен биргеликте қырғаўылларды нызамсыз түрде аўлап, базарларда сатылыўын қадаған етиў бойынша айқын ис-илажлар ислеп шығыў тапсырылсын.
  2. Қарақалпақстан Республикасы Тоғай хожалығы комитети (А.Аминов), Қарақалпақстан Республикасы Аңшылар ҳәм балықшылар жәмийети (Н.Шарипов) қырғаўылларды қорғаў бойынша ведомостволық қадағалаў ҳәм олардың жасаў шәрәятын жақсылаў жумысларын алып барсын.
  3. Өзбекстан Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлими (Н.Аимбетов) қырғаўыллардың бас санын анықлаў мақсетинде тийисли уйымлар менен биргеликте жыллық есабын жүргизиў ҳәм биологиялық илим-изертлеў жумысларын шөлкемлестириў;

қырғаўыллардың бас саны бойынша ҳәр шерек жуўмағы менен Министрлер Кеңесине мағлыўмат берип барыў тапсырылсын.

  1. Қарақалпақстан телерадиокомпаниясы (Н.Жаксымуратова), Мәлимлеме ҳәм коммуникациялар басқармасы (А.Бекмуратов) қырғаўылларды қорғаў ҳәм бас санын көбейтиў бойынша ғалаба хабар қураллары арқалы кең көлемли үгит-нәсият жумысларын алып барыў усыныс етилсин.
  2. Бул қарар «Еркин Қарақалпақстан» газетасында ҳәм Министрлер Кеңесиниң рәсмий веб-сайтында жәриялансын.
  3. Бул қарар рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.
  4. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊесиниӊ 2019-жыл 16-январь күнги “Қарақалпақстан Республикасы аймағында қырғаўылларды қорғаў ҳәм бас санын көбейтиў ис-илажлары ҳаққында”ғы 14-санлы қарары өз күшин жоғалтсын.
  5. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының Экология ҳәм арал бойы аймақларын раўажландырыў мәселелери бойынша биринши орынбасары ҳәм Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети баслығы А.Сапаровқа жүкленсин.

 

Қарақалпақсатан Республикаси

Министрлер Кеңесиниң Баслығы

ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшы                              Н.Ерлепесов

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги