Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде 14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети  менен  Исбилерменлер  ҳәрекети – Өзбекстан Либерал – демократиялық партиясы Қарақалпақстан  Республикалық  Кеңеси  тәрепинен  «Ўатанды мәртлер қорғайды»  атамасында  ушырасыў  кешеси  болып өтти.

Ушырасыўда партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси аппарат баслығы  Ш.Өтемисов,  Өзбекстан  Ветеранлар бирлеспеси ҳәм майыплар шөлкеминиң Қарақалпақстан Республикасы  бөлими  баслығының орынбасары  А.Бекмуратов, Аўғанстан урысы қатнасыўшысы О.Төрениязов ҳәм басқалар, миллий армиямызға қаратылып атырған итибар, елимиз тынышлығы ҳәм қәўипсизлигин, шегараларымыздың қол қатылмаслығын, халқымыздың тыныш ҳәм абадан турмысын исенимли қорғаўдағы мәрт, жаўынгер азаматларымыздың хызметлерин атап өтип, жыйналғанларды Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери  дүзилгенлигине 30 жыл толыўы ҳәм 14-январь Ўатан қорғаўшылары күни менен  шын жүректен қутлықлады.

Ушырасыў  даўамында  байрам  мүнәсибети  менен бир қатар Аўғанстан урысы қатнасыўшыларына партия тәрепинен Миннетдаршылық хатлары ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Сондай-ақ университеттеги бир қатар ағзалыққа талабанлар партияға қабыл етилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги