Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасында «Жаңа Өзбекстанның 2022-2026-жылларға мөлшерленген раўажланыў стратегиясы-демократиялық раўажланыўымыздың тийкары» атамасында дөгерек сәўбети болып өтти.

Илажға Бизнес омбудсман, Бас министрдиң исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханасы, Әдиллик министрлиги, Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими, сиясий партиялар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Атап өтилгениндей, ҳәзирги ўақытта елимиз бойлап Жаңа Өзбекстанның 2022-2026-жылларға мөлшерленген раўажланыў стратегиясы ҳәм оны 2022-жылда әмелге асырыў бойынша «Жол картасы»н тастыйықлаўға қаратылған Өзбекстан Республикасы пәрманының жойбары кең жәмийетшилик додалаўынан өткерилмекте.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасы баслығы С.Худайбергенов, «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң баслығы Т.Романов, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң бас мәсләҳәтшиси Н.Қутлымуратова, Өзбекстан жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының орынбасары М.Турсинов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Жаңа Өзбекстанның 2022-2026-жылларға мөлшерленген раўажланыў стратегиясының әҳмийети ҳәм мазмун-мәнисине тоқтап өтти.

Жети бағдар ҳәм жүзге шамалас мақсетлерди өзинде жәмлеген бул ҳүжжет  бүгинги глобалласыў процесинде Жаңа Өзбекстанның дүнья жәмийетшилигиндеги ролин ҳәм орнын арттырыў, халықтың абаданлығын тынышлығын тәмийинлеўге, елимиздиң қәўипсизлигин ҳәм қорғаныў қүдиретин күшейтиўге қаратылған. Ең баслысы, инсан қәдирин улығлаў ҳәм еркин пуқаралық жәмийетин буннан былай да раўажландырыў арқалы халықшыл мәмлекет қурыўда, әдил социаллық сиясат жүргизиў ҳәм инсан капиталын раўажландырыў, нызам үстинлигин беккемлеўде бул стратегия айрықша әҳмийетке ийе.

Илажда ҳәр бир бағдар, соның ишинде, сиясий партиялардың жумысларын жетилистириў, депутатлардың белсендилигин арттырыў, қәбилетли жасларды қоллап-қуўатлаў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги