«Коррупцияға қарсы гүресиў жумысларының нәтийжелилигин рейтинг баҳалаў системасын енгизиў илажлары ҳаққында»ғы Президент қарары (ПҚ-81-санлы, 12.01.2022 ж.) қабыл етилди.

Қарарға муўапық, Коррупцияға қарсы гүресиў жумысларының нәтийжелилигин рейтинг баҳалаў системасы енгизиледи.

Онда рейтинг баҳалаў төмендеги 5 бағдар бойынша белгиленген индикаторлар тийкарында әмелге асырылады:

– мәмлекетлик шөлкемлерде коррупцияға қарсы гүресиў бойынша механизм ҳәм ҳуқықый тийкарлардың жаратылғаны ҳәм әмелиятқа енгизилгени;

– коррупциялық қәўип-қәтерлерди анықлаў, баҳалаў ҳәм оларды азайтыў бойынша илажлардың әмелге асырылғанлығы;

– мәмлекетлик шөлкемлер басшыларының коррупцияға қарсы маўасасыз мүнәсибетти көрсетиўши ҳәрекетлериниң бар екенлиги;

– хызметкерлердиң коррупцияға қарсы гүресиўге байланыслы ишки тәртип-қағыйдалардан хабардарлығы ҳәм бул тараўда билим ҳәм көнликпелерди арттырыў бойынша илажлардың әмелге асырылғанлығы;

– коррупцияға қарсы гүресиў бойынша тийисли тараў ямаса тармақ кесиминде халықтың ҳуқықый сана-сезими менен мәдениятын арттырыў, бул иллетке маўасасыз мүнәсибетти қәлиплестириўге қаратылған үгит-нәсиятлаў илажларының нәтийжелилиги.

Рейтинг баҳалаў системасы 2022-жыл 1-февральдан баслап, эксперимент тәризинде, өз жумысында коррупцияға қарсы менеджмент системасын енгизип атырған 26 мәмлекетлик шөлкемлердиң жумысына, 2022-жыл 1-июльден барлық мәмлекетлик шөлкемлердиң жумысына енгизиледи.

Рейтин баҳалаў «E-Anticor.uz» электрон платформасы арқалы шөлкемлестириледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги