2020-2021-оқыў жылынан баслап спорт залы жоқ болған улыўма орта билимлендириў мәкемелеринде қысқы дәўир (декабрь, январь, февраль айлары)де өтилетуғын «Денетәрбия» пәни сабақлары оқыў саатларын 10 ҳәпте даўамында 5-10-классларда ҳәптесине 2 сааттан 1 саатқа шекем азайтылған еди.

11-январь күни бул тәртипти бийкарлаў және улыўма орта билимлендириў мәкемелеринде денетәрбия пәниниң оқытылыў процесслерин жетилистириў ҳаққында Халық билимлендириў министриниң буйрығына қол қойылды.

Оған бола оқыўшыларда денетәрбия ҳәм ғалабалық спорт пенен турақлы шуғылланыў, саламат турмыс тәризи бойынша турмыслық көнликпелерди қәлиплестириў мақсетинде улыўма билимлендириў мектеплеринде қысқы дәўирде де «Дене тәрбия» пәни бойынша барлық классларда ҳәптеде 2 сааттан оқытылатуғыны белгиленди.

2021-2022-оқыў жылының 3-шерегинен баслап спорт залы жоқ болған улыўма билимлендириў мәкемелеринде де «Денетәрбия» пәни барлық классларда ҳәптеде 2 сааттан оқытылады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги