Президент қарары менен Туризм ҳәм спорт министрлигиниң структурасына өзгерислер киргизилди. Бул ҳаққында «Нигоҳ» хабар берди. Оған бола:

– туризм ҳәм спорт министриниң ғалабалық спортты раўажландырыў бойынша орынбасары лаўазымы енгизилди. Усы мүнәсибет пенен туризм ҳәм спорт министриниң ғалабалық спортты раўажландырыў бойынша кеңесгөйи лаўазымы сапластырылды;

– туризм ҳәм спорт министриниң зыярат туризмин раўажландырыў бойынша кеңесгөйи – Зыярат туризмин раўажландырыў департаментиниң баслығы лаўазымы енгизилди. Усы мүнәсибет пенен туризм ҳәм спорт министриниң зыярат туризмин раўажландырыў бойынша орынбасары лаўазымы сапластырылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги