Ҳүрметли Президентимиз жасларды мәрт ҳәм белсенди болыўға шақыра отырып: «Уллы Өзбекстанның нәўқыран әўлады! Сизлердиң бул турмыста әрман – нийетлериңиз, гөзлеген мақсетиңиз, ислейтуғын жумысларыңыз көп. Бирақ, ҳеш қашан умытпаң, сизлердиң ең уллы, ең муқаддес ўазыйпаңыз – елимиз ғәрезсизлигин, халқымыздың азатлығын көз қарашығындай сақлаў, оның қәўипсизлигин қорғаў болып табылады.» деген еди.

Ўатанды қорғаў ҳәмме заманларда да ең даңқлы ҳәм уллы миннет, ана ўатанға болған меҳир-муҳаббаты әмелде көринетуғын әдиўли миннет болып келген. Ўатанды қорғаў жолында қаҳарманлық көрсеткен уллы бабаларымыздың қаҳарманлығы бизлер ушын ибрат болып хызмет етеди. Ўатанымызға болған меҳримизди және де арттырады.

Ҳәр бир инсанның ўатанға болған муҳаббаты ананыӊ ақ сүти, ана ҳәййиўи, ата-ана меҳри менен сиңип барады. Ўатанның топырағы да, әпиўайы қурғақ шөп те, тас та муқаддес болып табылады. Сол себепли бабаларымыз журт топырағын көзлерине сүрткен, қай жерге барса да ўатан сезими менен нәпес алған. Ҳеш бир инсан ўатаннан сыртта бахыт ҳәм ығбал таба алмайды. Өз журтында абырай – мәртебеси болмаған инсан өзге елде де қәдирленбейди. Ҳәр бир инсанның ўатаны оның ушын дүньядағы ең гөззал ҳәм муқаддес мәкан есапланады. Ўатанға муҳаббат ҳәр бир инсанның өз ата-анасына, ел-халқына болған муҳаббаты менен байланыслы. Ўатанға муҳаббаты болмаған инсанды ата-анасына меҳри бар десе, буған исенип болмайды. Ўатан бирден-бир екенлиги, оны қәстерлеп-сақлаў әлпешлеў, ўатанға садықлық, әўдадлар мийрасларына қызығыўшылық,  өзине исеним, келешек алдында жуўапкершилик сезимлерин тәрбиялайды.

1993-жыл 29-декабрьден баслап «14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни» мәмлекетимизде байрам ретинде кең түрде белгиленеди. Билимлендириў мәкемелеринде «Ўатан қорғаўшылары күни» илажларын өткериўдиң мазмун-мәниси соннан ибарат, Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлериниң потенциалы ҳәм абырайы, мәмлекетимиз ғәрезсизлиги, оның аймақлық пүтинлигин,  халқымыздың тыныш өмирин ҳәм ғәрезсизликти беккемлеў жолындағы дөретиўшилик мийнетин қорғаў, жеткиншекти патриотлық руўхта тәрбиялаўдағы әҳмийетин кең көрсетип бериў,  оларды өз ўатанына садық ҳәм белсенди инсанлар етип тәрбиялаўдан ибарат. Бүгинги күнде жасларда ўатан гүллениўи,  журт парахатшылығы,  халық пәраўанлығы, кәмил инсан,  социал шериклик,  миллетлерара татыўлық,  динлерара кеңпейиллик сыяқлы миллий идеялардың тийкарғы бағдарларын қәлиплестириў, бул тәлим мәкемелериндеги руўхый – билимлендириў ислерди және де раўажландырыўды талап етпекте.

Соны атап өтиў мүмкин, әскерлик кәсиби басқа кәсиплерге салыстырғанда көбирек мәртлик, шыдамлылық ҳәм белсендиликти талап етеди. Өзинде патриотлықты, мәртликти, намысты, ҳәр тәреплеме жетикликти жәмлеген бул кәсип барған сайын жасларымыздың келешеги ҳәм уллы мақсетлерине айланып атыр. Бундай миннет ҳәм мақсет пенен жасап атырған, әскерий тәлим бағдарын өз алдына мақсет етип қойған белсенди жасларымыздың қатары барған сайын кеңейип барыўы журт басшысымыздың әскерий тараўды реформалаў ҳәм жетилистириўдеги итибарлы ҳәрекетлериниң нәтийжеси болып табылады.

Бүгинги жаслар ғәрезсиз Өзбекстанның келешеги. Биз нәўқыран әўлад ўәкиллерин бәркамал, жетик инсан етип тәрбияласақ, олардың ҳәр биринде ар-намыс, миллий қәдириятты избе-из қәлиплестирип барсак, ўатанымыз және де қүдиретли мәмлекетке айланады.

 

Жулдыз ЖОЛДАСБАЕВА,

Қарақалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институты студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги